Пластик карталар төлем системасының ең қолайлы ҳәм аңсат қуралы сыпатында кем-кемнен ғалабаласып бармақта. Бул әлбетте, тутыныўшылардың мәпи ушын хызмет етеди ҳәм төлемде қолайлылық жаратпақта.

Бирақ Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине келип түсип атырған мүрәжатлар айырым сатыўшылардың нызамбузыўшылыққа жол қойып атырғанлығын көрсетпекте.

Усы жылдың 9 айы даўамында пуқаралардан 748 арза келип түскен болса, солардың 198и саўда саласына тийисли. Олар арасында сатыўшылар тәрепинен нақ пул ҳәм пластик карточкаларға бир қыйлы баҳада саўда етпейтуғынлығы бойынша да арза ҳәм мүрәжатлар баршылық.

Атап айтқанда, Төрткүл районындағы саўда комплексинде 801-802-санлы дүкәннан пуқара З.Мавленова 400 мың сумлық сандық сатып алмақшы болған. Бирақ, сатыўшы ҳәр қыйлы сылтаў айтып тутыныўшыға пластик карточка менен саўда етпейтуғынлығын айтқан. Тутыныўшы Төрткүл районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат еткен. Оның мүрәжаты үйренилип, жәмийет хызметкерлери тәрепинен оған сандық пластик картасындағы пулға сатып алып берилди.

Және бир мысал:

Пуқараларға азық-аўқат өнимлерин арзан баҳаларда жеткерип бериў мақсетинде Нөкис дийқан базарында да шөлкемлестирилген ярмаркада пластик карталарға қосымша үстеме баҳа қойып сатып атырған сатыўшылар бар екенлиги Нөкис қаласы А.Досназаров көшесинде жасаўшы пуқара С.Алмашованың аўызеки мүрәжаты бойынша анықланады. Усы мәселе бойынша Федерацияның ҳуқықый бөлими қәнигелери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, жағдай сапластырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги