Ҳүрметли Владимир Владимирович!

Ҳүрметли мәмлекет басшылары!

Дослық Аўқамы мәмлекетлери басшыларының саммити қатнасыўшыларын қутлықлаўға ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Владимирович Путинге шын жүректен қабыл еткени ҳәм миймандослық, сондай-ақ, ушырасыўымыз жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын терең миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.

Россия өзиниң басшылығы шеңберинде Дослық Аўқамының тийкарғы ўазыйпаларын әмелге асырыў бойынша кең көлемли жумысларды орынлады.

Ең әҳмийетлиси, Россия Федерациясының принципиаллық позициясы себепли ҒМДА ға зәрүрлик бар яки жоқлығы ҳаққындағы көз-қарасларға «соңғы ноқат» қойылды.

Дослық Аўқамы өзиниң әҳмийетин толық дәлиллегенин атап өтпекшимен.

Бүгинги күнде Шөлкемимизди буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў, оның халықаралық абыройын турақлы арттырып барыў зәрүрлиги туўралы анық көз-қарас бар.

Бул Россия ҒМДА жумысында, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық салаларда өз-ара пайдалы қатнасықларды кеңейтиўде әҳмийетли ҳәм тийкарғы орын ийелейтуғынын және бир мәрте дәлиллейди.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бәримиз бүгин дүньяда жүз берип атырған жедел өзгерислердиң гүўасы болып турмыз.

Алдынғы технологиялардың белсенди енгизилип, глобал мәлимлеме-коммуникация мәканының раўажланып атырғаны барлық процесслерди жедел ҳәм тез өзгертпекте, континентлер, регионлар, мәмлекетлер ҳәм бизнес дәрежесиндеги бирге ислесиўдиң жаңа түрлерин раўажландырыўға хызмет етпекте.

Бүгин турмыстың өзи ескише қатнас жасаўдың нәтийжесиз екенин айқын тастыйықламақта. Тийкарғы итибарды конструктивлик әмелий бирге ислесиўге қаратыў зәрүр.

Биз тез пәт пенен алға қарай ҳәрекет етиўимиз зәрүр.

Бул бағдарда Өзбекистан өз қатнасықларын анық оптималластырыў ҳәм ҒМДА жумысындағы қатнасына сапа жағынан жаңа пәт бағышлаўды мақсет етип қойған.

ҒМДА Өзбекистан ушын тек пикирлесиў, пикир алысыў ҳәм көз-қарасларды салыстырыў «майданы» емес екенин айрықша атап өтпекшимен.

Бул структура биз ушын тийкарғы салаларда әмелий бирге ислесиўдиң оғада әҳмийетли институты болып табылады, Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер болса, бизиң турақлы шериклеримиз, қоңсыларымыз ҳәм досларымыз болып табылады.

Усы мүнәсибет пенен биз Өзбекистан Республикасы миллий координаторы статусын сыртқы ислер министри орынбасарынан Бас министрдиң орынбасары дәрежесине көтериўге қарар еттик.

Сондай-ақ, биз ҒМДА Экономикалық кеңестеги қатнасымызды қайта тикледик.

Биз Өзбекистанның ҒМДА шеңбериндеги ҳуқықый базасын ҳәм бирге ислесиў жағдайын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў ҳәм сол тийкарда оны кеңейтиў ушын имканиятлар перспективасын белгилеп алыўды режелестиргенбиз.

Биз бир қатар тийкарғы бағдарлар бойынша, бәринен бурын, саўда, инвестиция, транспорт, туризм, билимлендириў ҳәм илим, сондай-ақ, қәўипсизлик салаларындағы бирге ислесиўди жетилистириўден мәпдармыз. ҒМДА ның биз бурын қатнаспаған тармақлық уйымларының жумысында қатнасыўға таярмыз.

Бизиң тийкарғы мақсетимиз – Өзбекистанның Дослық Аўқамы шеңбериндеги бирге ислесиўин жеделлестириў бойынша «Жол картасы»н ислеп шығыў болып табылады.

Булардың бәри қатнасықларымызда принципиаллық жақтан жаңа бет ашатуғынына, кең көлемли ҳәм нәтийжели шерикликти кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар жарататуғынына исенемен.

Бул бағдардағы биринши қәдем сыпатында 3-ноябрь күни Ташкентте дәслепки мәрте ҒМДА Ҳүкиметлер басшылары кеңесиниң мәжилиси өткериледи.

Сизлер қоллап-қуўатласаңыз биз 2020-жылы Дослық Аўқамына басшылық етиўди қабыл етиў ҳәм гезектеги Саммитти Өзбекистанда өткериўге таярмыз.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Биз өз алдымызға әҳмийетли машқалаларды биргеликте шешиў, исеним ҳәм өз-ара келисимди беккемлеў, еллеримиз арасында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша анық мақсетлер қоймақтамыз.

Усы мүнәсибет пенен ҒМДА да Өзбекистанның қатнасыўының төмендеги тийкарғы бағдарларын айрықша атап өтпекшимен.

Бириншиден. Биз Дослық Аўқамының мәканында ҳеш қандай келиспеўшилик ҳәм шеклеўлерсиз тез пурсатта толық еркин саўда аймағын қәлиплестириўдиң тәрепдарымыз.

Жыл басынан берли Өзбекистан ҳәм ҒМДА еллериниң арасында товар алмасыўдың көлеми 20 проценттен зыят артқанын атап өтпекшимен.

Өзбекистан ҒМДА ға ағза мәмлекетлер менен саўда, инвестиция, инновация ҳәм қаржы салаларында жаңа жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдар. Биз венчур жойбарларды ҳәм экономикалық зоналарды биргеликте раўажландырыўға таярмыз.

Екиншиден. Транспорт ҳәм коммуникациялар саласы, ҒМДА мәканында нәтийжели интеграцияласқан транспорт системасын раўажландырыў, регионымыздың үлкен транзит потенциалынан толық пайдаланыў стратегиялық әҳмийетли бағдар болып табылады.

Ҳәкимшилик тәртиплер менен регламентлерди жетилистириў, жүк тасыўларды ҳәм транзит ушын өз-ара преференциялар усыныўды бул бағдардағы жумыслардың әҳмийетли тәреплери деп есаплаймыз.

Үшиншиден. Әмелий илимий-техникалық бирге ислесиў ҳәм билимлендириў саласындағы тәжирийбе алмасыўды кеңейтиўге бирге ислесиўдеги ҳәрекетлеримиздиң тийкарғы бағдары сыпатында қараймыз.

Бизиң Россияның абыройлы жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте топлаған тәжирийбемиз тийкарында жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў бойынша биргеликтеги бағдарламалар, жоқары технологиялар саласындағы жойбарлар, сондай-ақ, бирге ислесиўде илимий-изертлеўлер алып барыўды усыныс етемиз.

Төртиншиден. Туризм саласында үлкен потенциаллар бар.

Пикиримизше, биздеги кең имканиятлар менен үлкен туризм потенциалы, тилекке қарсы, елеге шекем толық иске қосылмаған.

ҒМДА ға ағза мәмлекетлердиң туризм саласындағы бирге ислесиўин 2020-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы әмелге асырылыўын биргеликте талқылаў ҳәм анық ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў мақсетинде Дослық Аўқамының Туризм бойынша кеңесиниң гезектеги мәжилислеринен бирин Самарқандта өткериўди усыныс етемиз.

Бесиншиден. Биз әскерий-техникалық саладағы кооперация дәрежесин арттырыў, еллеримиздиң арасындағы шәртнамалар менен келисимлер шеңберинде биргеликте бағдарламалар ҳәм жойбарлар ислеп шығыўдан мәпдармыз.

Алтыншыдан. Барлық дөретиўшилик режелеримизди тек ғана тынышлық пенен турақлылық шараятында, қәўипсизликке зыян келтиретуғын заманагөй қәўип-қәтерлерге өз ўақтында жуўап қайтарыў арқалы әмелге асырыў мүмкин екени анық ҳақыйқат болып табылады.

Усы мүнәсибет пенен жынаятшылық, терроризм, наркотик затлардың нызамсыз айланыўына ҳәм адам саўдасына қарсы аяўсыз гүресиў саласында ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер бағдарындағы бирге ислесиў үлкен әмелий әҳмийетке ийе.

Аўғанстандағы қыйын жағдай елеге шекем қурамалы болып қалмақта.

Өзбекистан Россия, Орайлық Азия еллериниң ҳәм ҒМДАның басқа да мәмлекетлери менен биргеликте Аўғанстан машқаласын сиясий жол менен шешиў бойынша көмеклесиўге таяр екенин билдиреди.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Мәжилисимиздиң күн тәртибин додалар екенбиз, Шаңарақ институты ҳәм дәстүрий шаңарақлық қәдриятларды қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы баянатты айрықша атап өтпекшимен.

Бүгинги глобалласыў шараятында ҳәр қандай мәмлекет пенен жәмийеттиң тийкарын қурайтуғын негизги ҳәм фундаменталь қәдриятларды умытпаўымыз зәрүр.

Өсип киятырған әўлад әйне шаңарақта руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбия алады, жуўапкершиликли болыўды ҳәм итибарсыз болмаўды үйренеди.

Усы әҳмийетли салада тәжирийбе алмасыў мақсетинде Өзбекистанда келеси жылы «Шаңарақты беккемлеўде ҳәм өсип киятырған жас әўладты тәрбиялаўда өзин-өзи басқарыў уйымларының роли» темасында халықаралық конференция өткериўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли мәмлекет басшылары!

Бүгин болып өткен нәтийжели пикирлесиў ҳәм қабыл етилген биргеликтеги қарарлар ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли қәдем болатуғынына исенемен.

Дослық Аўқамына басшылық етиўди қабыл еткени мүнәсибети менен Тәжикстан Президенти Имомали Шарипович Раҳмонға билдирилген қутлықлаўларға қосыламан ҳәм усы жуўапкершиликли ўазыйпаны орынлаўда оған үлкен табыслар тилеймен.

Сөзимниң жуўмағында Россия тәрепине ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Владимирович Путинге шын жүректен қабыл еткени ҳәм самиттиң жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын және бир мәрте өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен.

Итибарыңыз ушын рахмет.