Пайтахтымыздағы Жаслар орайында Халықаралық қызлар күнине бағышланып «Қыз бала — болажақ шаңарақ бийкеси, келешегимиз ийеси» сүрени астында I республикалық фестивал болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте өткерилген илаждың тийкарғы мақсети қызлардың билим алыўға болған қызығыўшылығын, олардың социаллық-сиясий белсендилигин арттырыў, қәбилетли қызлардың қатарын көбейтиўден ибарат. Соның менен бирге, жәмлеспеген қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың кийиниў ҳәм сөйлесиў мәдениятын арттырыў, бүгинги ийгиликли реформаларға болған белсендилик қатнасықларын қәлиплестириў, жасларымыздың санасын түрли жат иллетлерден қорғаў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў және оларды турмысқа таярлаў болып табылады.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп жоқары оқыў орынлары, академиялық лицей және кәсип-өнер колледжлериниң, улыўма билим бериў мектеплери қәбилетли жасларының дөретиўшилик мийнетлери үлгилериниң көргизбеси менен танысты. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлардағы жәмлеспеген қызлар арасында «Билим ринг» интеллектуал ойыны өткерилип, оның жеңимпазлар анықланды.

Илаж шеңберинде «Уллы аналарымызға мүнәсип даўамшы болайық», «Қызлар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм репродуктивлик саламатлықты беккемлеў», «Ерте жастағы неке ҳәм оның унамсыз ақыбети», «Жаслардың түрли жат иллетлер тәсирине түсип қалыўдың алдын алыў жолары» темаларында баянатларды таныстырыў мәресими болды.

Фестиваль шеңберинде өткерилген қәбилетли қызлар мүшайрасы, аяқ ойынлар гүлдәстеси, қарақалпақ миллий кийимлер көргизбеси, «Қызлар көбирек китап оқысын» илажлары қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Н.НУРБЕКОВА

ҚМУ Журналистика тәлим бағдары 4-курс студенти