Елимизде аўыл хожалығы өндирисшилериниң тийкарғы бөлеги – фермер ҳәм дийқан хожалықларының және қыйтақ жер ийелериниң жумысын терең талқылаў тийкарында усы салада өз шешимин күтип турған мәселелерди бүгинги күн көз-қарасынан қайтап көрип шығыў ҳәм шешиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик жерлеринен нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 9-октябрьдеги ПП-5199-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Усы Пәрманда фермер, дийқан хожалықларының ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў және олардың жер участкаларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усы Пәрманның орынланыўын толық ҳәм сапалы шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарда Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң 2017-жыл 22-сентябрь күни өткерилген шөлкемлестириўшилик конференциясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар менен жумыс бағдарлары беккемлеп қойылды.

Шөлкемлестирилген фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслериниң нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеў, жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде халық депутатлары районлық Кеңеслеринде, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында егислик жерлерден пайдаланыў нәтийжелилигин додалаўда, жер участкаларын ажыратыўға байланыслы мәселелерде қатнасыўға байланыслы бир қатар ҳуқықлар берилди.

Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин, соның ишинде, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, таярлаўшы, тәмийинлеўши ҳәм хызмет көрсетиўши шөлкемлер менен қатнасықларда, қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тексериўлер өткериў процесинде және судларда жумысты көрип шығыўда қорғаў шөлкемлестирилген кеңеслердиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып табылады. Усы ўазыйпаның нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесине бир қатар ўәкилликлер де берилгенлигин атап өтиў орынлы.

Атап айтқанда, қарарда:

фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий түрде Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен келисилиўи шәрт екенлиги;

Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы лаўазымы бойынша «Агробанк» акционерлик коммерциялық банки кеңесиниң қурамына киргизилетуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслериниң баслықлары тийислилигинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлериниң фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи болып есапланатуғыны және статусы бойынша олардың орынбасарларына теңлестирилетуғыны белгилеп қойылды.

Аўыл хожалығы өндирисшилерин шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий жақтан қоллап-қуўатлаўда, оларға өз өндирислик жумысын жолға қойыўда көмеклесиў мақсетинде районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеслериниң жанында фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине комплексли хызмет көрсетиў орайлары шөлкемлестирилди.

Қарар менен Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын буннан былай да раўажландырыў, олардың егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыўын шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасы да тастыйықланды. Илажлар бағдарламасында аўыл хожалығы өндирисшилерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, олардың қаржы турақлылығын, жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша 34 әҳмийетли ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў белгиленген.

Қарарда аўыл хожалығы жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, өндирис көлемин буннан былай да арттырыў, фермерлердиң, дийқанлардың ҳәм  қыйтақ жер ийелериниң жеке жуўапкершилигин күшейтиў бойынша жаңа тәртип енгизилди. Оған бола:

барлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң егислик жерлеринде олардың усынысларын инабатқа ала отырып, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бойынша болжаў көлемлери белгиленеди;

ҳәр жылы 1-февральға шекем пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының басшылары ишки ислер уйымларының профилактика инспекторлары менен биргеликте үйме-үй жүрип, аймақтағы дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң егислик жерлерин хатлаўдан өткереди, оларда жыл даўамында егилетуғын егин түрлерин ҳәм жетистирилетуғын өним көлемлерин шаңарақ талабына ҳәм сатыў ушын мөлшерленген бөлеклерге ажырата отырып, анықлайды, өним жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилиўи, егинлердиң толық ҳәм сапалы егилиўи, агротехникалық илажлардың өз ўақтында әмелге асырылыўы бойынша жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестиреди.

Қарарда:

жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм оны абаданластырыў ушын берилген жер участкаларының қыйтақ жер бөлегинде тийкарсыз түрде аўыл хожалығы егинлерин екпеген ямаса оны абаданластырмаған жер ийелерине белгиленген жер салығы ставкасының үш есе арттырылған муғдарының қолланылатуғыны;

дийқан жожалығын жүргизиў ушын турақ жай қурыў ҳуқықысыз берилген жер участкаларында  аўыл хожалығы егинлерин екпеген жер ийелериниң жер участкасына болған ҳуқықы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте бийкар етилетуғыны белгилеп қойылған.

Мәмлекетлик басқарыў уйымларының, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының егислик жер майданларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша ўазыйпаларын анық белгилеў ҳәм олардың жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигине, Әдиллик министрлигине, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетине, Мәмлекетлик салық комитетине, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, ўәлаят ҳәм район ҳәкимликлерине пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен биргеликте бир қатар шөлкемлестириўшилик-әмелий илажларды әмелге асырыў ўазыйпалары жүкленди.

Сондай-ақ, Өзбекистан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң жумысын финанслық жақтан тәмийинлеў, оған ҳәр тәреплеме жәрдем бериў мақсетинде Қаржы министрлиги 2017-жылдың 1-ноябринен баслап фермер хожалықлары тәрепинен Кеңеске ағзалық төлемин төлеў ушын ҳәр жылы пахта шийки затын сатып алыў баҳасын орнатыўда 0,8 процент муғдардағы қаржыларды нәзерде тутатуғыны белгилеп қойылды.

Бул қарардың қабыл етилиўи  фермерлердиң, дийқан хожалықларының ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын буннан былай да раўажландырыўдың шөлкемлестириўшилик илажларының өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўына, аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўда егислик жерлерден ақылға уғрас пайдаланылыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.