Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

1992-жыл 8-декабрь-Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн елимиз тарийхындағы уллы сәнелерден бири.

Бас Нызамымыз ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин дүзиўде, еркин базар қатнасықлары және жеке меншик мүлктиң үстинлигине тийкарланған экономиканы қурыўда, халқымыздың тыныш, абат ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўде, Өзбекистанның халықаралық майдандағы абырой-мәртебесин арттырыўда, миллий нызамшылық системасын қәлиплестириўде және елимиз турмысының барлық салаларында реформаларды табыслы әмелге асырыўда беккем тийкар болып хызмет етпекте.

Өзбекистан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 25 жыллығы мүнәсибети менен ҳәм елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық, сиясий, социаллық, илимий, руўхый потенциалын ҳәм қорғаныў қүдиретин арттырыў, демократиялық реформаларды тереңлестириў, мәмлекетимиз шегараларының қол қатылмаслығын тәмийинлеў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты сақлаў, Тийкарғы Нызамымыздың турмыстағы орны менен әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты нызамға ҳүрмет, Ўатанға меҳир және садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына мүнәсип үлес қосқан ўатанласларымызды сыйлықлаў мақсетинде:

  1. «Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгиси шөлкемлестирилсин.
  2. «Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгисиниң Режеси ҳәм сыпатламасы 1, 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
  3. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте «Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгилери ҳәм олардың гүўалықлары белгиленген тәртипте таярланыўын тәмийинлесин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи У.Исмаиловқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Президенти                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 10-октябрь

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң

2017-жыл 10-октябрьдеги ПП- 5201-санлы

Пәрманына 1-қосымша

«Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгиси ҳаққындағы РЕЖЕ

  1. «Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгиси менен елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық, сиясий, социаллық, илимий, руўхый потенциалын ҳәм қорғаныў қүдиретин арттырыў, демократиялық реформаларды тереңлестириў, мәмлекетимиз шегараларының қол қатылмаслығын тәмийинлеў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты сақлаў, Тийкарғы Нызамымыздың турмысымыздағы орны менен әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўладты нызамға ҳүрмет, Ўатанға меҳир ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына мүнәсип үлес қосып киятырған барлық сала ўәкиллери, мийнет ветеранлары, әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери ҳәм басқа да шахслар сыйлықланады.
  2. «Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгиси менен Өзбекистан Республикасы пуқарасы болмаған шахслар да сыйлықланыўы мүмкин.
  3. «Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгиси Өзбекистан Республикасы Президенти ямаса оның атынан Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери, Өзбекистан Республикасының Бас министри, министрликлер, ведомстволар, жәмийетлик бирлеспелер ҳәм басқа да республикалық уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлардың ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, сондай-ақ, усы жумысқа ўәкил етип белгиленген басқа да шахслар тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылады.

Сыйлықланғанларға естелик белгиси менен бирге оның гүўалығы бериледи.

  1. «Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгиси көкиректиң шеп тәрепине мәмлекетлик сыйлықлардан кейин тағылады.

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң

2017-жыл 10-октябрьдеги ПП- 5201-санлы

Пәрманына 2-қосымша

«Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгисиниң СЫПАТЛАМАСЫ

«Өзбекистан Конституциясына 25 жыл» естелик белгиси 0,25 микрон қалыңлықтағы алтын менен қапланған мыс араласпасынан таярланады ҳәм диаметри 34 миллиметрли шеңбер түринде болады.

Естелик белгисиниң қалыңлығы-2,2 миллиметр

Естелик белгисиниң алдынғы тәрепиниң орайында ақ эмалдан исленген сегиз қырлы жулдыз сәўлеленген. Жулдыз орайында, таралып атырған қуяш нурлары фонында Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик байрағының реңли эмалдан исленген желбиреп турған көриниси сүўретленген. Жулдыздың төменги бөлегинде бийиклиги 3,5 миллиметр болған «25» жазыўы, төменги бөлегинде болса бийиклиги 2,5 миллиметрли «YIL» жазыўы жайласқан. Естелик белгисиниң төменги бөлегинде, сегиз қырлы жулдыздың астында көк реңдеги эмалдан исленген ашылған ҳалаттағы китап-Өзбекистан Республикасы Конституциясы көриниси сәўлеленген. Жазыўлар алтын реңде.

Естелик белгисиниң дөгереги бойлап ақ эмаллы шеңберде «O‘ZBЕKISTON KONSTITUTSIYASIGA» сөзлери жазылған. Төменги бөлегинде, орайда еки сегиз қырлы жулдыздың аралығында бир-бирине тутастырылған жағдайдағы еки зайтун нәли сүўретленген. Жазыўлар ҳәм сүўретлер алтын реңде болып, ҳәриплердиң бийиклиги 2 миллиметрди қурайды.

Естелик белгисиниң арқа тәрепинде Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик герби сүўретленген болып, төменги бөлегинде, орайда «2017» жазыўы жайласқан.

Сүўретлер ҳәм жазыўлар дөңки.

Естелик белгисиниң алдынғы ҳәм арқа тәреплериниң шетлери дөңки шеңбер менен оралған.

Естелик белгиси шайы лента менен қапланған туўры төртмүйешлик түриндеги илдиргишке илгеклер ҳәм дөңгелекшелердиң жәрдеминде тутастырылған. Шайы лентаның ортасынан ени 7 миллиметрли жасыл реңдеги жол, оның еки шетинен болса сары реңдеги енсиз сызықлар менен жийекленген ени 2,5 миллиметрли еки ақ реңдеги жол өткен. Шайы лентаның шетки бөлимлери бойлап ени 2,5 миллиметр болған көк реңдеги жоллар өткен.

Илдиргиштиң бойы-16 миллиметр, ени-25 миллиметр.

Илдиргиштиң арқа тәрепине естелик белгисин кийимге тағып қойыў ушын сәдеп көринисиндеги үскене орнатылған.