Фото: Австралиялы археологлар менен

Австралиялы археолог-алымлар шерек әсирден берли Ақшаханда

Ғәрезсизлик жылларында халқымыздың бай тарийхы ҳәм мәдениятының ажыралмас бир бөлегин қурайтуғын, руўхый раўажланыўымыз ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе болған әййемги қол жазбаларды, көркем дөретпелерди, ески тарийхый естеликлерди сақлаў, оларды илимий жақтан изертлеў, елимиз ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында үгит-нәсиятлаў ҳәм усы тийкарда туризмди раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде елимизге бизиң бийбаҳа мийрасларымызға үлкен қызығыўшылық пенен қарап атырған туристлердиң ҳәм шет елли қәнигелердиң ағымы барған сайын артып бармақта.

Мине, солардан бири – Сидней университетиниң профессоры, Қарақалпақстан-Австралия экспедициясының ко-директоры, археолог Алисон Беттстиң елимизде Өзбекистан Қаҳарманы, археолог Ғ.Хожаниязов пенен Беруний районындағы тарийхый «Ақшахан қала» естелигинде археологиялық изертлеў жумысларын алып барып атырғанына жигирма бес жыл толды…

Жаңалыққа жаны қумар халқымызға руўхый заўық бағышлаў ҳәм  өзимиздиң кәсиплик қызығыўшылығымызға бола бул тарийхый муқаддес топырақта табылмалар табылып атырғанын еситкенимиз олар менен жақыннан танысыў мақсетинде қублаға қарай жол алыўға түртки болды.

Ақшаханнан 6 метрлик «адам» табылды

Фото: Ақшаханнан табылған 6 метрлик «адам» сүўрети

Бизди қызықтырған биринши жаңалық усы болды ҳәм усы бойынша Алисон Беттсти сәўбетке тарттық.

– Ҳәзир биз профессор Ғ.Хожаниязов пенен Ақшахан қалада археологиялық жумысларды биргеликте алып бармақтамыз, – дейди ол. – Қазыў барысында  қала орайындағы арқа коридордан дийўал сүўретлерин таптық. Бул сүўретлер оғада әҳмийетли болып, онда оғада үлкен көлемдеги (6 метр) Зороастризм қудайларының, бағ ҳәм қуслардың сүўрети сәўлеленген. Биз ҳәзир бул бийбаҳа табылмаларды тазалаў, реставрациялаў жумысларын алып бармақтамыз. Пикиримизше, бул жерде табылмалардың даўамы болыўы мүмкин. Және де атап өтетуғын нәрсе, бул жерден ер адамлардың ҳәм атлардың сүўретлери де табылды. Биз бундай жаңалықлар қушағында быйылғы жылды табыслы болды, деп есаплаймыз ҳәм қазыў жумысларын келеси жылларда да даўам еттириў нийетимиз бар. Бул бағдардағы жумысларымызды биз франциялы Микеле Минарди менен биргеликте де Султан Ўәйис таў дизбеклеринде алып барып атырмыз.

 

Султан Ўәйис таўынан табылған оссуарийлер илим ушын оғада әҳмийетли жаңалық

– Мине, дерлик жети жылдан берли усы экспедицияның ағзасыман. Биз быйыл Султан Ўәйис таў дизбеклеринде қазыў жумысларын алып бардық, – дейди Францияның Бардо университетиниң доценти, археолог Микеле Минарди. – Таң қалаларлық тәрепи сонда, биз таў дизбеклеринде оссуарийлерге дус келдик. Ҳәзир мине, усы оссуарийлердиң ишинен табылған адам сүйеклерин, зороастризм дини дәўириндеги үрп-әдетлерди үйренип атырмыз. Бул табылмалар тек ғана Қарақалпақстан ушын емес, ал пүткил Орайлық Азия ушын оғада әҳмийетли ғәзийне болып табылады. Қазыў жумысларын еле де даўам еттиремиз, себеби бул аймақлар оғада қызықлы табылмаларға бай деп ойлаймыз.

– Мен Францияда сүўрет консерваторы болып ислеймен. Бул экспедицияның жойбарында бирге ислесип атырғанымнан оғада қуўанышлыман, – дейди парижли реставратор Мелодии Банот. – Әййемги сүўретлер үстинде ислеў оғада қызықлы, соның менен бирге машаққатлы. Себеби, бул жерде жүдә көплеген фрагментлер бар болып, ол бизден қыйын ҳәм жуўапкершиликли жумысты талап етеди. Әййемги сүўретлердиң кишкене бөлеклерин қурастырып бурынғы жағдайына алып келиў аңсат жумыс емес. Бул процесс оғада әҳмийетли болып, фрагментлер табылған «үлкен зал»дың узынлығы 20 метрди, бийиклиги 10 метрди қурайды. Ҳәзирше бизде 3 фигура бар, олар Авесто дини дәўирине тийисли. Бул жерде еле де көп фигуралардың бар болыўы итимал. Биз бул фигуралар менен усы жерден табылған бағ сүўретлери арасындағы байланысты түсине алмай атырмыз. Бул бағдарда жумыс даўам етеди.

Ақшахан қаланың тарийхы ҳаққында сөз еткенде, биз дәслеп 1937-жылы Москва Илимлер академиясының жанында Толстов экспедициясының ашылыўын атап өтиўимиз орынлы. Бул экспедиция 1945-жылға шекем Хорезм археологиялық экспедициясы деп аталған болса, оннан бериде ғәрезсизлик жылларына шекем Жданконың басшылығындағы этнографиялық экспедиция деп аталды. Әне, усы экспедиция  усы жыллар аралығында Қарақалпақстан территориясында, соның ишинде, Ақшахан қаланың тарийхы бойынша жумыс алып барды. Сондай-ақ, қаланы Андриянов, Ғуломовлар да үйренип, бул естеликти б.э.ш II, III IV әсирлерге тийисли Кушан дәўири менен байланыстырады.

 

Уллы Қытай дийўалына уқсас дийўаллар Қарақалпақстан аймағында да қурылған ба?

Фото: Ақшаханда «Уллы Қытай дийўалы» табылды

Бизди және бир қызықтырған мағлыўмат бул Уллы Қытай дийўалына уқсас дийўаллардың Қарақалпақстан аймағында, яғный Ақшахан қалада табылғаны болды.

Бул бойынша ҳәм Ақшахан қаладан табылып атырған басқа да қунлы табылмалар ҳаққында профессор Ғ.Хожаниязов былай дейди:

«Жеке өзим 1982-жылы Қызыл қаланы қазып атырған пайтымда, усы аймақтың турғыны Гүзенбай ағаның көрсетпеси бойынша, Ақшахан қалаға дыққат аўдара басладым. 1992-жылы бул жерге Сидней университетиниң профессоры А.Беттстиң келиўи қаланы еле де толығырақ үйрениўимизге түртки болды.  Яғный, биз 1995-жылы оның басламасы менен қалада (В.Ягодин, И.Новицкий, А.Беттс ҳәм мен) қазыў жумысларын баслап жибердик. Ақшахан қаланың аймағын 1920-1930-жылларда Қазақстанда ашлық болыўына байланыслы Үстирттен түсип келген ақтөбели қазақ ағайинлер мәкан етеди ҳәм бул жер «Қазақлы ятқан» деп атала баслайды. Олар марҳумларды усы дүмпешиктеги Ақшахан қалаға қойған. Биз қазыў барысында усындай он жети қәбирди ушыраттық.

Әмиўдәрьяның оң тәрепиндеги бул үлкен қаланың атамасы туўралы болса бир неше дәреклер бар. 1910-1912-жылларда усы аймақта изертлеў жумысларын алып барған россиялы топырақтаныўшы Димоның жазба дәреклеринде ол «Аяз қала менен Қызылқала ҳәм Ақшахан қаланың арасы мәдений-тарийхый естеликлерге оғада бай екен», деп бул муқаддес топырақты Ақшахан қала, деп атайды. Орта әсир жазба дәреклеринде Әййемги Хорезмниң пайтахты «Даржас» болған деген де дәрек бар. Сонлықтан бул қаланың атамасы «Даржас» болыўы да итимал. Себеби, Ақшахан қала майданы (50 гектардан аслам) ҳәм айрықша архитектуралық қурылысы (үш қабат), ондағы ҳәр қыйлы үлкен дәрўазалар, оның сыртындағы «Уллы Қытай дийўалы»на мегзес қалыңлығы үш метрге шамалас, узынлығы бес километрден зыят бәлент дийўаллар, оннан беридеги ылай алынған терең ҳәм енли душпаннан қорғаныўда суў менен толтырылып пайдаланылған қандектиң жайласыўы, ҳәттеки, қорғандағы изей суўлардың сыртқа шығарылыўы ушын канализациялардың да қурылыўы жағынан Орта Азияда кемнен-кем ушырасатуғын  ең ири қалалардың бири болып табылады.

Фото: Ақшаханда қазыў жумыслары

Биз ҳәзирги қазыў процесинде қаладан картиналар галереясын таптық. Бул дүнья археологиясы менен илиминде үлкен жаңалық болып табылады. Мыңнан аслам бул фрагментлерде дийўалларға үсти-үстине қатара салынған портретлер, атлы пиядалы мәресимге баратырған адамлар, ҳайўанлар, қуслар, бағлар, қулласы зороастризм динине байланыслы мәресимлердеги ҳәр қыйлы кийим-кеншеклердеги адамлардың көриниси сүўретленген. Олардың көпшилигиниң таж бенен сүўретлениўине қарағанда олар бир неше династияның ўәкиллери болыўы керек, деп болжап атырмыз. Сондай-ақ, табылмалардың ишинде 6 метрлик адам сүўретленген көринислер де бар.  Бул зороастризм  дининиң қудайлары болыўы мүкин. Жақын арада Америка ҳәм Канададан зороастризм  динине сыйынатуғын туристлердиң бул жерди көзлерине сүрме етип зыяратлап кетиўи де тегин емес шығар.

Фото: Ақшаханнан табылған әййемги картиналар

Микеле Минарди тәрепинен болса Султан Ўәйис, Қаратаў дизбеклеринен адамның сүйеклери салынған онға шамалас оссуарийлер табылды. Бизиң пикиримизше, усы аймақтағы Топырақ қала, Бурым қала сыяқлы қалалардың халқын арнаўлы даҳмаларда сүйегин тазалап, усы Қаратаўға жерлеген болыўы керек.

Бул табылмалар изертлеўди талап етеди, әлбетте. Бул бойынша Ирландиядан да қәнигелер қатнаспақта.»

Солай етип, Ақшахан қала мыңлаған жыллар бойы баўырында сақлап келген сырлы ғәзийнелерин бүгин адамзатқа инам етпекте. Бул ҳаққында еле көбирек мағлыўматлар берип барамыз.

 

Ч.Елмуратов

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы