Усы күни пайтахтымыздағы Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Алтын гүз» атамасындағы көргизбе ашылды.
Көргизбеде устаз художниклердиң дөретпелери менен бир қатарда жас талант ийелериниң, жәми 19 автордың 54 картинасы орын алған.
Картиналарда үлкемиздиң гүз мәўсиминдеги өзине тән өзгешелиги, тәбият қубылыслары сәўлеленген.
Көргизбеге қойылған дөретпелердиң ислениў техникасы бири-биренен айрықша болып, олардағы сюжетлердиң байлығы, авторлардың тәбиятқа болған көз қарасы жарқын реңлер арқалы сәўлелендирилип берилген.
Көргизбеде Қарақалпақстан халық художниклери С.Байбосыновтың «Гүзги Шылпық», Ж.Лепесовтың «Гүллер ҳәм гүзги мийўелер», «Гүзги көринис», «Көшеде гүз», сондай-ақ, жас художниклерден Т.Сулаймановтың «Гүзги натюрморт», «Гүз», Б.Серекеевтиң «Жаўыннан соң», «Жаўын» ҳәм басқа да художниклердиң картиналары орын алған.
Көргизбе бир ай даўам етеди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы