Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңесинде дүнья жүзилик «Мүнәсип мийнет күни»не бағышланып «Мийнет саласының келешегине байланыслы жүз жыллық басламаcы» темасында аймақлық семинар болып өтти.
Илажға республикамыз, сондай-ақ Хорезм ўәлаяты кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңеслериниң жуўаплы хызметкерлери, министрликлердиң, басқармалардың ўәкиллери, қоспа кәрханалардың кәсиплик аўқамлары белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Семинарда Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң мийнеткешлердиң искерлиги бойынша Бюросының Европа ҳәм Орайлық Азия секторының баслығы С.Гловаскас, Халықаралық кәсиплик аўқамлары конфедерациясы улыўма Европалық кәсиплик аўқамлары регионаллық кеңесиниң атқарыўшы хаткери А.Леппик, Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесиниң бөлим баслықлары М.Исаев, Н.Каримова, Хорезм ўәлаяты кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңесиниң баслығы Р.Жаббаров, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңесиниң баслығы У.Жалменов шығып сөйлеп, мийнет саласының келешегине байланыслы жүз жыллық басламаның мазмун-мәниси, мүнәсип мийнет принциплерин әмелге асырыўда Халықаралық кәсиплик аўқамларының хызметине тоқтап өтти. Соның менен бирге, жәмәәтлик шәрнамаларды дүзиў бойынша Өзбекистан кәсиплик аўқамларының усыныслары, Өзбекистан Республикасының жаңа редакциядағы «Мийнетти қорғаў ҳаққында»ғы нызамын әмелге асырыўдың әҳмийетли ўазыйпалары бойынша кең түрде түсиник берилип, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен хызметкерлердиң социаллық-экономикалық ҳуқық және мәплерин қорғаў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтилди.
Атап өтилгениндей, мүнәсип мийнет түсиниги Халықаралық Мийнет Шөлкеми тәрепинен 1999-жылдан баслап алға қойылған болып, оның тийкарғы стратегиялық мақсети, мийнет саласындағы тийкарлаўшы ҳуқықларды әмелге асырыў, бәнтлик және дәрамат алыў имканиятларын кеңейтиў, социаллық қорғаў системасын жетилистириў, социаллық сөйлесиўлерди беккемлеўден ибарат. Усы арқалы хызметкерлердиң турақлы социаллық қорғалыўы тәмийинленип, бул бағдарда барлық кемситилиўлерди сапластырыў, мийнеткешлерди мийнет шәртнамалары менен толық қамтып алыў, қолайлы ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў, социаллық қамсызландырыў, социаллық қорғалыўдың нәтийжели системасын раўажландырыў, мийнеткешлердиң кәсиплик аўқамларына бирлесиў ҳуқықларын кеңейтиўге жәмәәтлик сөйлесиўлер алып барыў. Елимизде Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң 14 Конвенциясы ратификация етилип, оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, жумысшы күшине болған талапты хошаметлеў, турақлы жумыс орынларын жаратыў, социаллық қорғаў системасын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. 2013-жылы Халықаралық Мийнет Шөлкеми мийнет саласына тийисли болған жүз жыллық басламаcын алға қойды.
Илажда елимизде мийнет саласында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қадағалаў күшейтилип, мүнәсип мийнет принциплерин тәмийинлеў мақсетинде мәмлекет, жумыс бериўши ҳәм кәсиплик аўқамлары арасында конструктивлик социаллық байланыстың жолға қойылғанлығы айрықша атап өтилди. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы ҳәм Саўда-санаат палатасы арасында қол қойылған социаллық-экономикалық мәселелерге байланыслы Бас келисим, усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекистан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы ҳәм Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңеси арасындағы регионаллық келисимлердиң әмелге асырылыўы бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етпекте. Мийнет нызамшылығына бойсынылыўы үситинен жәмийетлик қадағалаўды жүргизиў, хызметкерлердиң ҳуқықларын қорғаў, жәмәәтлик сөйлесиўлерди алып барыўда Өзбекистан кәсиплик аўқамларына кең ҳуқықлар берилген. Бул бағдарда Халықаралық Мийнет Шөлкеми менен биргеликте 2017-2020-жылларға мөлшерленген Бағдарлама әмелге асырылмақта. Усының нәтийжесинде елимизде халықаралық мийнет стандартларын ҳәм нормаларын сақлаў саласында, атап айтқанда, балалар мийнетине ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қоймаў бойынша унамлы нәтийжелерге ерисилип атырғанлығы халықаралық экспертлер тәрепинен айрықша атап өтилди.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.