1-ноябрь күни пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында ҳәр еки жылда өткерилетуғын «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығы таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық таңлап алыў басқышы өткерилди.

Онда эстрада, музыка, миллий қосық, аяқ ойын ҳәм опера көркем өнери атқарыўшылығы бағдарлары бойынша 17 жастан 25 жасқа шекемги 74  талант ийеси қатнасты.

Таңлаўда қатнасыўшылардың көркем атқарыўшылық шеберлиги, репертуар мазмуны, сахна мәденияты тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Таңлаў жуўмағында эстрада бағдары бойынша Малика Бейимбетова, Рахим Орынгалиев, Миратдин Алланазаров, миллий қосықшылық бағдары бойынша Муҳаммед Төребеков, Гүлпаршын Қудайбергенова, Қуўаныш Сейтимбетов, Әдил Бахтыбаев, опера бағдары бойынша Алымбай Кәримбаев, Сәрдар Азатов, Асадбек Акимов, Муҳаммед Мырзабаев, музыка атқарыўшылығы бағдары бойынша Гүлназ Алламбергенова, Хайрулла Аллаяров, аяқ ойын бағдары бойынша Мухаммед Пердебаевлар айрықша таланты менен көзге түсип, таңлаўдың 2019-жылы август айында Ташкент қаласында өткерилетуғын жуўмақлаўшы басқышқа жоллама алды.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм онда белсене қатнасқанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Мағлыўмат орнында соны да келтирип өтпекшимиз, 2016-жылы ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығы алдынан болып өткен бул таңлаўда үш жерлесимиз жыраў Саламат Аяпов (дәстүрий классикалық қосық), Ақылбек Пиязов (опера) ҳәм Шерзод Кенжебаев (аяқ ойын) лар  «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығын алыў бахтына ийе болған еди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы