Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызметиниң билдириўинше, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Диний ямаса исеним еркинликлери бойынша арнаўлы баянатшысы А.Шахид басшылығындағы делегацияның усы жылдың 9-10-октябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары күтилмекте.
Сапар даўамында делегация ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси Баслықларының қабыллаўларында болып, республикамызда ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлер менен нызамлардың қабыл етилиўи, БМШ ның Өзбекистан Республикасы менен социаллық-экономикалық бағдарлар бойынша бирге ислесиўи, Арал теңизиниң қурып кетиўи нәтийжесинде пайда болған экологиялық дағдарысларды жеңиллетиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында пикир алысыўлары режелестирилген. Республика ҳүкимети тәрепинен жәмийетлик-руўхый турақлылықты тәмийинлеў, конфессиялар ҳәм миллетлераралық татыўлықты беккемлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар, Өзбекистан Республикасы Президентиниң республикамыздағы Халық қабыллаўханасындағы пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўдиң ҳуқықый тийкарлары, пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў барысында алып барылып атырған жумыслар және бул жерде пуқараларды қабыл етиў ушын жаратылған шараятлар ҳәм мүрәжатларды көрип шығыў процеси менен танысады.
Сапар соңында делегация ағзаларының пайтахтымыздағы Муҳаммад ибн ал-Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журтына және «Саҳра Лувры» аты менен дүньяға белгили болған И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейине саяхат етиўи сондай-ақ, республикамыздағы миллий мәдений орайлардың басшылары ҳәм диний конфессиялардың ўәкиллери менен ушырасыўы режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги