Бурын хабар етилгениндей, Қубла Корея Республикасының «Friends» шөлкеми тәрепинен жиберилген шыпакерлердиң  республикамызда бийпул емлеў-профилактика жумыслары менен пластик хирурглардың  операцияларды әмелге асырыўы даўам етпекте.

2012-жылы дүзилген меморандум шеңберинде әмелге асырылыўы тийис жойбарлардан және бири пайтахтымыздағы 2, 24, 25, 18, 28-санлы орта мектеплердиң оқыўшыларына стоматологиялық жәрдем көрсетип, олар арасында саламат турмыс тәризи бойынша түсиник жумысларын алып барыўдан ибарат. Быйыл шөлкем менен Нөкис қалалық  19-санлы орта улыўма орта билим бериў мектеби арасында да үш жылға шәртнама дүзилди.

Қарақалпақстан Республикасы Халық Билимлендириў министрлигиниң усынысы менен ҳәр жылы және бир мектеп шөлкем менен шәртнама дүзиўи мүмкин.

Шыпакерлер бул мектеплерде оқыўшыларға тис пастасы, тис щёткасы, фторлы суйықлық тарқатпақта ҳәм аўыз бослығын дурыс тазалаў, саламат турмыс тәризи бойынша сәўбетлесиў өткермекте.

«Friends» шөлкеминиң ағзалары 8-октябрьге шекем республикамызда болыўы режелестирилген.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.