Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында зийрек студентлерди қоллап-қуўатлаў, оқыўда ҳәм илимий излениў жумысларында айрықша белсендилик көрсетип киятырған студентлерди мүнәсип түрде хошаметлеп барыў мақсетинде шөлкемлестирилген Әжинияз Қосыбай улы ҳәм Ибрайым Юсупов атындағы стипендияның 2018-2019-оқыў жылындағы жеңимпазлары анықланды.

 

Быйылғы оқыў жылында Әжинияз Қосыбай улы атындағы стипендия жеңимпазлары болған студентлер:

Шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары 3-курс студенти А.Муҳаммедяров;

Математика-информатика факультети информатика оқытыў методикасы тәлим бағдары 3-курс студенти А.Утепбергенова;

Тарийх-география факультети миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 3-курс студенти А.Жумабаев;

Шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары 3-курс студенти А.Оразгалиева.

 

Ибрайым Юсупов атындағы стипендия жеңимпазлары болған студентлер:

Филология факультети өзбек тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 3-курс студенти С.Жумамуратова;

Шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 3-курс студенти З.Ганиева;

Филология факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 2-курс студенти Н.Сағындықова.

 

Мағлыўмат ушын, Әжинияз Қосыбай улы ҳәм Ибрайым Юсупов атындағы стипендиялар 2009-жыл 18-апрель күни нокис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың 80 жыллығына арналған 20-апрель күни қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 185 жыл толыў мүнәсибетине арналып өткерилген республикалық илимий-теориялық конференция қарарына ҳәм институт Кеңесиниң 2014-жыл 30-октябрьдеги 4-санлы мәжилис протоколына тийкарланып институтта филология тәлим бағдары бойынша оқып атырған ең ағла ҳәм зийрек студентлерден ҳәр оқыў жылында 3 еўине И.Юсупов атындағы, сондай-ақ, институттың анық ҳәм тәбийғый, социал-гуманитар, филология тәлим бағдарларында оқып атырған ең ағла ҳәм зийрек студентлерден ҳәр оқыў жылында 4 еўине Әжинияз Қосыбай улы атындағы стипендиялар бериледи.

Стипендия айрықша стипендия ҳәм оның 10% и муғдарында бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.