USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 29 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЖЫЛДЫ ТАБЫСЛЫ ЖУЎМАҚЛАЎ ҲӘМ БАРЛЫҚ МАКРОЭКОНОМИКАЛЫҚ КӨРСЕТКИШЛЕРГЕ ЕРИСИЎ – ӘҲМИЙЕТЛИ ЎАЗЫЙПА

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жанында 2018-жыл 10-октябрь күни Министрлер Кабинети ҳәм экономикалық уйымлар басшыларының қатнасыўында елимизди усы жылдың 9 айында социаллық-экономикалық раўажландырыў жағдайы ҳәм жыл жуўмақлары бойынша күтилип атырған нәтийжелерди додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Финанс базарының раўажланыўы экономиканы буннан былай да либералластырыў ҳәм исбилерменлик ушын қолайлы шараятлар жаратыўдың тийкарғы факторы болып есапланады.

Сонлықтан елимизде бул бағдарда кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Соның ишинде, Президентимиздиң 2017-жыл 2-сентябрьдеги «Валюта сиясатын либералластырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманы әмелде болған валютаны тәртипке салыў системасын түп-тийкарынан реформалаў, валюта сиясатын либералластырыў, барлық исбилерменлик субъектлерине сыртқы саўда жумысын әмелге асырыўда теңдей шараятлар жаратыўдың пүткиллей жаңа системасына тийкар болды.

Сөзсиз айтыў мүмкин, бул ҳүжжетте нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўы елимизде исбилерменлик орталығын жақсылаўға, инвестициялық потенциалдың жоқарылаўына, өз гезегинде, экономика тармақлары нәтийжелилигиниң буннан былай да жақсыланыўына хызмет етпекте.

Елимизде валюта базарының еркинлестирилиўи экономикада ликвидлилик дәрежесиниң артыўы ҳәм бос ақша қаржыларының әҳмийетли инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларға тартылыўын талап етеди.

Өз гезегинде, капитал базарын раўажландырыў, хожалық жүргизиўши субъектлер, банклер ҳәм қамсызландырыў компанияларының бос қаржыларын әҳмийетли жойбарларға тартыў да жақсы нәтийже береди. Бул бағдарда жаңа реформаларды әмелге асырыў мәмлекетлик бюджет қәрежетлерин турақлы қаржыландырыў ушын имканиятларды буннан былай да кеңейтиўге хызмет етеди.

Мәжилисте «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» мәмлекетлик бағдарламасының орынларда орынланыўы бойынша жуўапкер басшылардың есаплары тыңланды.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық, елимизде капитал базарын раўажландырыў, хожалық жүргизиўши субъектлер, коммерциялық банклер менен қамсызландырыў компанияларының бос қаржыларын әҳмийетли инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға тартыў мақсетинде қымбат баҳалы қағазларды айланысқа шығарыў, сондай-ақ, усы жылды табыслы жуўмақлаў ҳәм барлық прогноз етилген тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлерге ерисиўди тәмийинлеў бойынша тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА