Интернетте 8-октябрь күни Россия Сыртқы ислер министриниң орынбасары, статс-секретарь Григорий Карасин Өзбекстанның жаңа елшисинен исеним жарлығын қабыл етип алғаны ҳаққында мағлыўмат жайластырылған.

Енди Ботиржон Асадов Өзбекстанның Россиядағы дипломатиялық миссиясына басшылық етеди.

Григорий Карасин жаңа елшини қутлықлады, оған Россиядағы мийнет жолында жаңа табыслар тиледи ҳәм еки мәмлекет қатнасықларындағы әҳмийетли тәреплер додаланды, делинеди хабарда.

Соның менен бирге, тәреплер Владимир Путинниң жақын күнлерде Өзбекстанға әмелге асыратуғын мәмлекетлик сапарына таярлық бойынша да пикирлескен.

Еслетип өтемиз, Ботиржон Асадов 2018-жылдың февралынан Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары сыпатында жумыс ислеп атырған еди. Ол мийнет жолы даўамында Өзбекстанның Корея Республикасындағы елшиси лаўазымында да ислегенин айтып өтиў орынлы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги