Ташкент қаласында Росатом мәмлекетлик корпорациясы ҳәм Атом энергиясы бойынша Халықаралық агентлик (АЭХА) ўәкиллери менен биргеликте Өзбекстан қәнигелери ушын қоспа семинар өткерилди.

Илажда Өзбекстанда қурылыўы жобаластырылған биринши АЭСтиң интерактив жойбары көрсетилди.

Сентябрь айы басында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Россия Федерациясы Бас министри Дмитрий Медведов Өзбекстанда Россия жойбары тийкарында атом электр станциясын қурыўда бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлер аралық келисимге қол қойған еди.

Июнь айында «Өзбекэнерго» ўәкили АЭС қурылысы ушын пүткил мәмлекет бойлап 10 ға шамалас майданның көрип шығылып атырғанын мәлим еткен еди.

«Өзатом»ның Daryo.uz’ға мәлим етиўинше, Россия Президенти Владимир Өзбекстанға сапары шеңберинде атом электр станциясы қурылысының басланыўына арналған илаж болып өтеди. АЭС Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятлары шегарасындағы Тодакөл суў сақлағышы жанында қурылады.

Мағлыўмат ушын, Владимир Путин 18-19-октябрь күнлери рәсмий сапар менен Өзбекстанға келиўи күтилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.