Париж, 8-октябрь. ӨзА ның арнаўлы хабаршысы Абу Бакр ЎРОЗОВ хабар береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның мирәт етиўи бойынша 8-октябрь күни рәсмий сапар менен усы елге келди.

Еки мәмлекет байрақлары менен безелген «Орли» халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Франция Республикасының рәсмий шахслары күтип алды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Париж қаласындағы ЮНЕСКО бас резиденциясында усы шөлкемниң Бас директоры Одри Азуле менен ушырасты.

Президентимиз Франция Республикасына сапары  ЮНЕСКОда ушырасыўдан басланғанында терең рәмзий мәни бар екенлигин, Өзбекстанның бул шөлкем менен бирге ислесиўи избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.

Одри Азуле мәмлекетимиз басшысын сапар етиўи менен шын жүректен қутлықлап, Өзбекстан менен бирге ислесиўдиң раўажланыўында бул ушырасыў оғада әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Елимиз ЮНЕСКО Атқарыў кеңесиниң қурамына еки мәрте сайланған. Тәреплер Өзбекстанның бай мәнаўий мийрасын тиклеў ҳәм терең үйрениў бағдарында нәтийжели бирге ислесип келмекте, мәденият, билимлендириў, илим ҳәм басқа да тараўларда түрли жойбарларды биргеликте әмелге асырмақта. Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм Шаҳрисабз қалаларындағы тарийхый-мәдений  объектлер ЮНЕСКОның Дүнья мәдений мийрасының дизимине киргизилген. Бухара қаласы шөлкемниң «Тынышлық тәрепдары болған қалалар» сыйлығы менен сыйлықланған.

Хийўадағы «Ийшан қала» комплекси, Самарқанд, Бухара ҳәм Шаҳрисабздың тарийхый орайлары, Чотқол биосферасы ЮНЕСКОның Дүнья мийрасының дизимине киргизилген. Байсын мәдений мийрасы, Наўрыз, Шашмақам, Үлкен нама, аския, палаў, атлас ҳәм адрас ислеп шығарыў технологиялары шөлкемниң Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизиминен орын алған. Усман Қураны ҳәм Шығыстаныў институтының қолжазбалар топламы ЮНЕСКОның «Дүнья естелиги» дизимине киргизилген.

Өзбекстанның ЮНЕСКО менен бирге ислесиўи өзбек классикалық музыкалық мийрасын қәстерлеп сақлаўға, раўажландырыўға ҳәм ғалаба ен жайдырыўға да хызмет етпекте. Соның ишинде, ЮНЕСКОның қәўендерлигинде Самарқанд қаласында ҳәр еки жылда «Шарқ тароналари» халықаралық музыкалық фестивалы өткерилип киятырған болса, быйылғы жыл сентябрь айында Шаҳрисабзда биринши мәрте Халықаралық мақам көркем өнериниң әнжуманы шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысының жақында қабыл етилген қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасының ЮНЕСКО жанындағы турақлы ўәкилханасы шөлкемлестирилди.

Билимлендириў тараўында да перспективалы бирге ислесиў орнатылған. Өзбекстан «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық»   идеясы тийкарында физикалық ҳәм мәнаўий бәркамал шахсты тәрбиялаўға қаратылған сиясатты әмелге асырмақта.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылдың сентябрь айында БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық конвенциясын ҳәм Бас Ассамблеяның «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» атамасындағы арнаўлы резолюциясын қабыл етиў басламасын алға қойды.

ЮНЕСКОның Бас директоры Өзбекстан Президентиниң бул шөлкем қәўендерлигинде тынышлық ҳәм кеңпейиллик мәдениятын қәлиплестириў, экстремизмниң алдын алыў мақсетинде Самарқанд қаласында Мырза Улығбек атындағы халықаралық институт шөлкемлестириў, Ташкент информация технологиялар университети жанында Билимлендириўде информациялық-коммуникациялық технологиялар бойынша регионаллық орай ҳәм Самарқанд «Жипек жолы» туризм халықаралық университетинде ЮНЕСКО кафедрасын дүзиў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлады.

Өзбекстанда Орайлық Азия жас илимпазларының регионаллық форумын ҳәм 2019-жылы Ташкентте «Информация технологиялары мәдений мийрасты сақлаў хызметинде» атамасында Азия форумын өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Бас директор Одри Азуле Өзбекстанның пүткил инсаният байлығы болған мәдений-тарийхый мийрасты қәстерлеп сақлаў бағлдарындағы сиясатын жоқары баҳалады.

Ушырасыўда Өзбекстан менен ЮНЕСКО арасындағы 2018-2021-жылларға мөлшерленген бирликтеги Ҳәрекетлер режеси қабыл етилди. Бул ҳүжжет қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў, тәреплер алдында турған ўазыйпаларды биргеликте инновациялар арқалы шешиў ҳәм барлық бағдарларда өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған.

Президент Шавкат Мирзиёев ЮНЕСКОның уллы мәртебели мийманлар китабына  қол таңбасын қалдырды.

Сол күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Франция Республикасы Сенатының Баслығы Жерар Ларше менен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысы Сенат баслығын Франция Республикасы Конституциясын қабыл етилгенлигиниң 60 жыллығы менен қутлықлады. Усы сәне мүнәсибети менен елимизде өзбек ҳәм француз тиллеринде басып шығарылған Франция Конституциясының тунғыш нусқасын саўға етти.

Еллеримиз парламентлериниң арасында бирге ислесиў, әсиресе, олардағы дослық топарлары себепли бир қанша жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстан менен Франция арасында байланыслар парламентлераралық қатнасықлар тараўында да жедел раўажланбақта.  2008-жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында парламенлераралық бирге ислесиў топары дүзилген, 2010-жылдан Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында «Өзбекстан-Франция» дослық топары жумыс алып бармақта. Сондай-ақ,  2008-жылы Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ҳәм Франция инсан ҳуқықларының қорғаўшысы арасында бирге ислесиў келисимине қол қойылған.

Франция менен кең көлемли қатнасықлар, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы еки тәреплеме әмелий байланысларды қамтып алған. Еллеримиздиң исбилермен топарлары ҳәм аймақлары арасындағы сөйлесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Парламентлераралық байланысларды анық бағдарлар бойынша, соның ишинде, бирликтеги илажлар ҳәм өз-ара сапарларды турақлы шөлкемлестириў, тәжирийбе алмасыў арқалы раўажландырыў мәселелери додаланды. Бул еллеримиз ҳәм халықларымыз арасында түрли тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислеисўди кеңейтиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Франция Сенатының Баслығы елимизде экономиканы түп-тийкарынан модернизциялаў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен жаңаланыўларды жоқары баҳалады. Өзбекстан жақсы қоңсышылық, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди ҳәм мәплерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған конструктивлик регионаллық сиясат алып барып атырғанын айрықша атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының Францияға биринши рәсмий сапары узақ мүддетли перспективаға мөлшрленген әмелий бирге ислесиў, соның ишинде, еллеримиз парламентлери арасындағы байланыслардың жаңа бағдарларын белгилеп алыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Жерар Ларше Франция Сенатының Өзбекстан менен дослық қатнасықларын, ҳәр тәреплеме нәтийжели шерикликти беккемлеў жолында парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға ҳәм оларға системалы пәт ендириўге таяр екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Франция Сенатының имаратын көзден өткерди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Францияның ең ири компанияларының басшылары менен ушырасыў өткерди.

Онда «Тоталь», «Тоталь Эрен», «Орано», «Фивс Штейн», «Ранжис Семмарис», «Винчи», «Суэц», «Сад», «Идемия», «Мерсие», «Талес Аления Спейс», Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Франция раўажланыў агентлиги сыяқлы Европа ҳәм дүнья базарында жетекши компаниялардың ҳәм қаржы структураларының басшылары қатнасты.

Ушырасыўда Өзбекстанда сырт ел инвесторлары ушын кең имканиятлардың жаратылып атырғаны, олардың жумысын хошаметлеў ҳәм қорғаў ушын зәрүр нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилип атырғаны, бизнести раўажландырыў жолындағы түрлди тосқынлықлардың сапластырылып атырғаны, сыртқы саўда ҳәм бажыхана-тариф қадағалаўының сезилерли дәрежеде қысқартылғаны атап өтилди.

Шавкат Мирзиёев сырт ел инвесторлары менен тиккелей пикирлесиў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Сырт ел инвестициялары бойынша кеңес дүзиў ҳаққында қарар қабыл етилгени, оның ўазыйпасы инвесторлардың пикирин инабатқа алған ҳалда, Өзбекстанның инвестициялық орталығын избе-из жақсылап барыў бойынша усыныслар ислеп шығыўдан ибарат екенин атап өтип, франциялы инвесторларды Кеңес жумысында белсене қатнасыўға мирәт етти.

Франциялы исбилерменлер Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформаларды жоқары баҳалап, валюта системасының либералластырылғаны, виза алыў тәртибиниң әпиўайыластырылғаны өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын қолайлы имканиятлар жаратқанын атап өтти. Бундай қолайлықлар менен жеңилликлер Өзбекстан экономикасына қызығыўшылықты күшейтти. Мәмлекетимиз басшысы сапар етиўи қарсаңында улыўмалық нырқы 5 миллиард евроға шамалас инвестициялық жойбарларлар бойынша келисимге қол қойылғаны буннан дәрек береди.

Өзбекстан ҳәм Францияның қаржы шөлкемлери, фирма ҳәм компаниялары арасындағы шерикликти буннан былай да раўажландырыў, өз-ара товар жеткериў ҳәм хызмет көрсетиў көлемин арттырыў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Франция Республикасына рәсмий сапары даўам етпекте.

ӨзА