Мойнақ районында «Арал балықларынан 99 түрли тағам» халықаралық гастрономиялық фестивалы ҳәм «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы усы жылдың 19-20-октябрь күнлери болып өтеди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги хабар бермекте.

Илажды өткериўдеги  мақсет, Мойнақ районының  экономикалық  турақлылығын тәмийинлеў, район халқының жасаў дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, сондай-ақ, сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди Арал бойы аймағының мәдений-тарийхый мийраслары менен таныстырыў болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги