Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 12-13-октябрь күнлери Мойнақ районында «Арал балықларынан 99 түрли тағам» халықаралық гастрономиялық фестивалы ҳәм «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы болып өтеди.

Усы халықаралық илаж шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң Мойнақ районында жайласқан «Мойнақ экомузейи» филиалының салтанатлы ашылыўы болып өтеди. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Бул музейде Арал теңизиниң кешеги ҳәм бүгинги жағдайы сәўлеленген картиналар ҳәм басқа 250 ден аслам экспонатлар бар.

Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң Мойнақ районлық филиалының қурылыс жумыслары «Өзбекнефтегаз» ЖШЖ тәрепинен алып барылып, оған 1 млрд 200 млн сумм қаржы сарпланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги