Ҳәзирги күнлери елимиздиң тийкарғы байлықларының бири болған пахтаның жыйым-терим жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Республикамыз халқы да бул ийгиликли ислерден шетте қалып атырған жоқ.

Алдын хабар бергенимиздей, атызлардағы пахталарды избе-из түрде шөлкемлескенлик пенен терип алыў ушын республикамыз бойынша 100 мыңға шамалас теримшиден ибарат бир мың үш жүзден аслам отряд дүзилген болып, олар ҳәр күни пахта тапсырыў бойынша режениң орынланыўына өзлериниң мүнәсип үлесин қоспақта.

Жумыстан бос ўақытларында, дем алыс күнлери, айырым мәкеме ҳәм кәрханалардың жумысшы хызметкерлери де баслама көтерип, пахта жыйын-теримине қатнаспақта.

Өткен шемби, екшемби күни Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң шөлкемлестириўинде, пайтахтымыздан бир топар журналист ҳәм баспа тараўының хызметкерлери пахта теримине шықты.

Олар Хожели районы «Әмиўдәрья» АПЖда жайласқан «Төремурат уйғыр» дийқан-фермер хожалығына барып, аўылдағы отряд теримшилерине ҳармасын айтып, олар менен бирге пахта жыйын-теримине қатнасты.

– Жумыстан бос ўақытлары қандай да бир пайдалы жумыс пенен шуғылланған жақсы. Пахта атызларында таза ҳаўада жүрип мийнет етиўдиң де өзине тән жарасығы бар. Терген пахтамыздың ҳәр бир килограммы ушын сол күнниң өзинде мың сумнан нақлай ақша берип турды. Буны қосымша дәрамат, десек болады. Керекли ўәжимизге жарайды,-дейди көмекшилердиң бири Д.Абдраманов.

Теримде Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлиги тәрепинен аўылдың бир топар алдыңғы теримшилерине белгили жазыўшы ҳәм шайырлардың жаңадан шыққан китаплары саўға етилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(Р.Арзиевтың түсирген сүўретлери)