Шымбай районы Кеңес аўыл пуқаралар жыйынындағы «Базарбай Сапаров» фермер хожалығы баслығы Бурханов Асаматдин мәмлекетке пахта тапсырыў жобасын алдыңғылардан болып, артығы менен орынлады.

Белсенди фермер хожалығы басшысы пахта қырманына 60 тоннадан зыят зүрәәт тапсырғаны ушын сектор басшысы тәрепинен «Artel» маркалы телевизор менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, фермер хожалығына пахта териминде белсендилик көретип, жақыннан жәрдем берген алдыңғы теримшилерге баҳалы саўғалар тапсырылды.

Нурлыбек Жамалов,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Журналистика тәлим бағдарының

4-курс студенти