12-санлы Әмет бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде  Нөкис қалалық Ҳаял-қызлар комитетиниң есап бериў – сайлаў конференциясы болып өтти. Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, кәрханалар және мәкемелердеги ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкемлериниң баслықлары, комитет белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. 

Илажда Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары П.Қудыяров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы Г.Бахиева ҳәм басқа да конференцияның жумысшы президиумы ағзалары ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин толық тәмийинлеў, олардың арзыў-нийетлерин әмелге асырыў жолында үлкен имканиятлар жаратылып, ҳаял-қызларды қыйнап атырған машқалаларға шешим табыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Конференция даўамында қадағалаў-тексериў, есап-санақ комиссияларының қурамы сайланды.

Есап бериў – сайлаў конференциясында бүгинги күнге шекем Нөкис қалалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы лаўазымында ислеген Г.Абибуллаеваның есабы тыңланып, жумыслары қанаатландырарлы деп табылды.

Атап айтқанда, 2017-жылы аўыр турмыс шараятында жасап атырған 29 майып ҳаял-қыз турақ жай менен тәмийинленген болса, 2018-жылы усындай 44 ҳаял-қызға жайлар салынып, 6 майып қыздың турақ жай алыўы ушын басланғыш төлеми төлеп берилген.

Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў мақсетинде 733 ҳаял-қыздың жумысқа орналасыўына жердем берилип, 176 ҳаял-қыздың исбилерменлик жумысын баслаўы ушын 1 миллиард 699 миллион сумнан аслам жеңиллетилген кредитлер ажыратылған. Қалалық ишки ислер бөлими менен бирге ислесиўи нәтийжесинде 2013-жылы ҳаял-қызлар арасында 142, 2014-жылы 124, 2015-жылы 132, 2016-жылы 121, 2017-жылы 65 ҳәм 2018-жылдың өткен дәўири ишинде 33 жынаят ислеў жағдайлары есапқа алынған.

Елбасшымыздың 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында» ғы пәрманы ҳаял-қызлардың мәплерин қорғаў, олардың мийнет ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған илажларды жаңа басқышқа алып шықты.

Конференцияда күн тәртибине қойылған тийкарғы мәселе Нөкис қалалық Ҳаял-қызлар комитети баслығын сайлаў болып өтти. Бул лаўазымға Гүлсара Абибуллаева қайта сайланды.

– Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Ҳаял-қызлар комитети ПҲАЖ уйымының, «Шаңарақ» орайы районлық және қалалық бөлимлериниң ҳәм ҳаял-қызлар және шаңарақ мәселелери бойынша басқа да структуралардың белсендилигин қадағалаў ҳәм муўапықластырыў жумыслары бойынша тийкарғы жуўапкер сыпатында өз жумысын баслады, – дейди Г.Абибуллаева. – Маған билдирилген жоқары исенимди ақлаў ушын бар күшимди жумсайман.

Илаж даўамында бир қатар исбилерменлердиң өнимлери, өнермент кызлардың колдан ислеген мийнетлери көргизбеге қойылды.    

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.