6-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик пеагогикалық институты мәжилислер залында «Өзбекстан – улыўма үйимиз!» атамасындағы салтанатлы байрам кешеси болып өтти.
Байрам кешесин институттың зийрек студентлер менен ислесиў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық бөлими баслығы Ш.Арзиев кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, миллий мәдений орайлар менен ислесиўди және де раўажландырыўға бағдарланған «Өзбекстан – улыўма үйимиз!» атамасындағы салтанатлы байрам кешесиниң әҳмийети жүдә үлкен екенлигин, елимизде 130 дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай дос ҳәм туўысқан болып жасап ҳәм мийнет етип атырғанлығы, институтымызда 11 миллет ўәкиллери тәлим алып атырғанлығы, оларға заман талапларына сай билим алыўы ушын қолайлылықлар жаратылып берип атырғанлығы ҳаққында айтып өтти.
Сондай-ақ, Өзбекстанда ғәрезсизлик жылларында көп миллетли халқымыздың бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, ҳәммеси ана ўатанымыздың гүллеп-жаснаўы ушын тер төгип мийнет етип атырғанлығы, мәмлекетимизди раўажландырыў жолында қолға киргизип атырған табыслары, ғәрезсизлик жылларында миллий мәдений орайлардың ашылғанлығы ҳаққында айтып өтти.
Буннан соң кореец миллий мәдений орайы баслығы М.А.Когай, рус миллий мәдений орайы баслығы Г.А.Зоркина, украин миллий мәдений орайы баслығы О.А.Миронец, қазақ миллий мәдений орайы баслығы Ж.Дарменовлар шығып сөйледи. Олар өз сөзлеринде миллий мәдений орайлардың бүгинги ҳәм алдағы жумыслары, халықларымыздың миллий үрп-әдет, дәстүрлери ҳаққында өз пикирлерин билдирди.
Кеше соңында институттың Миллий мәдений орайлар, «Тумарис» қосық ҳәм аяқ-ойын халық ансамбли, Филология ҳәм Шет тиллери факультетлериниң талантлы студентлери тәрепинен таярланған шоу-концерт бағдарламасы қойып берилди.
П.Дабылов,
НМПИ Филология факультети деканы орынбасары.