Жаңа Зеландияның аты Голландия патшалығының Zeeland провинциясы менен байланыслы болып есапланады. XVII әсирде изертлеўши Абель Тасман басшылығындағы Голландия кемелери ҳәзир Жаңа Зеландия орналасқан Қубла атаўға жетип барды. Белгисиз атаўды картографлар Zeeland, яғный «Теңиз ели» деп картаға белгилеп қойды. Кейин алжасып кетпеў ушын алдына «nieuw» (жаңа) сөзин қосып қоллана баслайды. Усылайынша «Nieuw Zeeland» атамасы жүзеге келген.

Бир әсир өткенге шекем бул жерге ҳеш ким қызықсынбады. 1769-жылы британиялы саяхатшы Джеймс Кук Қубла атаўға саяхат етип, бул жерди жақсылап үйрене баслайды ҳәм атаўдың периметрин анықлайды. Көпшилик усы хызмети ушын атаўды Тасман емес, Джеймс Кук ашқан деп есаплайды.

Сондай-ақ, Джеймс Кук атаўға инглис тилиндеги «New Zeаland» атын да береди.

Бул Америка континенти менен байланыслы Америго Веспучи ҳәм Кристофор Колумбтың жағдайы менен бирдей ўақыя болып табылады.

Архипелагтың маори деген түпкиликли халқы өз жерин «Aotearoa» деп атаған. Бул сөз «узын аппақ бултлар ели» деген мәнини аңлатады. Аңызларға қарағанда «Aotearoa» – бул атаўға сырттан келген дәслепки адамның қайығы болып табылады.

Ҳәзир Жаңа Зеландияда маори – рәсмий үш тилдиң бири есапланады. Мәмлекетлик гимнниң дәслепки куплети де усы тилде жазылған. «Aotearoa» атамасы жергиликли халық тилинде жүдә кең қолланылады. Бул атама келешекте мәмлекет аты сыпатында да қолланылыўы мүмкин. Ал ҳәзирги атамасы усы жерге келип, изертлеў жумысларын жүргизген саяхатшылар ҳүрметине тарийх бетлеринен орын алыўы да мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.