Оқыў орынлары аймағы ҳәм бөлмелеринде билим алыўшылар ушын айрым нәрселер қадаған етиледи. Булардың дизими Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналында жәрияланды.
Олар:
– телефонды мойынға илдирип жүриў, қойын қалталары, шалбар, юбкалардың қалталарына ҳәм усы сыяқлыларға салып қойыў;
– телефон аккумляторын зарядлаў ушын билимлендириў мәкемеси электр тармақларына жалғаў;
Телефон арқалы:
– әтираптағыларға зорлық, мийримсизлик, порнографияны үгит-нәсиятлайтуғын видео ҳәм сүўретлерди көрсетиў;
– оқыў орнының абыройына, соның ишинде зорлық ҳәм вандализм жағдайларын сүўретке алыў және кейин ала оларды әтираптағыларға көрсетиў арқалы зыян жеткериў;
Оқыў шынығыўлары ўақтында:
– телефонда сөйлесиў ҳәм SMS (MMS) ҳәм басқа түрдеги хабарларды жибериў;
– телефонды стол үстине қойыў;
– музыка (наушниклер арқалы) тыңлаў;
– сүўретли ҳәм видео көринислерди көрсетиўде телефоннан пайдаланыў (ойын ойнаў), көринис (текст, сүўрет, видеожазыў ҳәм фотосүўретлер) көриў, диктофон, калькулятор, календарь, болкнот, қойын дәптер сыяқлылар сыпатында пайдаланыў;
– сүўретке түсириў ҳәм видео көриниске алыў;
– телефон (GPRS, Bluetooth, Интернет ҳәм усы сыяқлылар) арқалы басқа хызметлерден пайдаланыў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги