Усы жыл  6-октябрь күни Үргениш қаласында «Өзагротехсанаатхолдинг» акционерлик жәмийети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген дәстүрий аўыл хожалығы техникаларының аймақлық ярмаркасы болып өтти.

Илажда «Қарақалпақстан агросервиc МТП» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, «Өзагролизинг» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы, районлық Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм үй қапталы қыйтақ жер ийелери кеңеслериниң басшылары, фермерлер қатнасты.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң  усы жыл 10-майдағы «Аўыл хожалығын өз ўақтында аўыл хожалығы техникасы менен тәмийинлеў механизмлерин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларын орынлаў шеңберинде өткерилген ярмаркада қәнигелер тәрепинен «Ташкент аўыл хожалығы техникалары заводы», «Шыршық аўыл хожалығы техникалары заводы», «Агрегат заводы», «Агротехмаш-ДД», «Амкодор»-Агротехмаш», «Технолог», «UzCastMash»,  «UzCLAASAgro»,  «Шыршықагромаш», «Үргенишкорммаш» акционерлик жәмийетлери, «LEMKEN Chirchiq», «AGRIXIM» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери тәрепинен ислеп шығылған заманагөй 100ден аслам техниканың абзаллықлары, олардың сатып алыў баҳалары, соның менен бирге лизингке алыў жоллары бойынша кең түрде түсиник берилди.

Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары фермер хожалықларын өзимизде ислеп шығарылған исенимли ҳәм өнимдар аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеў, техника паркин жаңалаў, сондай-ақ, оларға өз ўақтында сервис хызметин көрсетиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. «Қарақалпақстан агросервиc МТП» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Парахат Хакимовтың атап өткениндей, быйылғы жылдың өзинде улыўма баҳасы 71 миллиард 498 миллион сумлық түрли маркадағы 332 дана аўыл хожалығы техникасы жеңиллетилген кредит есабынан сатып алынды. Нәтийжеде өткен айлар даўамында республикамыздың фермер хожалықларына 5 миллиард 850 миллион сумлық механизация хызмети көрсетилди.

-Бул ярмаркаға локализациялаў бағдарламасы бойынша ислеп шығарылған айланба плуг, 6 тонналық прицеп, прессподборщик, сондай-ақ, Россия менен биргеликте ислеп шығарылған бийдай егетуғын қурылма сыяқлы 20 ға шамалас техникамыз бенен қатнасып атырмыз,-дейди «Үргенишкорммаш» акционерлик жәмийетиниң баслығы Журъатбек Атажанов.-Кәрханамызда ислеп шығарылып атырған техникаларымыз бүгинги күни елимиздиң барлық ўәлаятлары, соның ишинде Қарақалпақстан Республикасы фермерлери тәрепинен кеңнен пайдаланылмақта. Өткен жылдың апрель айында кәрханамыз жанында Беларусь Республикасының «Бобруйскагромаш» жәмийети менен биргеликте «Өзбекагромаш» жуўапкершилиги шекленген жәмийети түриндеги қоспа кәрхана шөлкемлестирилди. Бул жерде  20 ға жақын техника  ислеп шығарыў режелестирилген. Мақсетимиз, фермер хожалықларын бизиң шараятымызға сай арзан ҳәм сапалы техникалар менен үзликсиз тәмийинлеў болып табылады.

Ярмаркада қойылған техникалар фермерлеримизде айрықша қызығыўшылық оятты. Усы жердиң өзинде бир қатар фермерлер лизинг тийкарында техникалар алыў бойынша тийисли кәрханаларға буйыртпалар берди.

-Бундай ярмаркалардың өткерилиўи бизлердиң аўырымызды жеңиллестирип, заманагөй техникаларды таңлап алыў имканиятын береди,-дейди Қоңырат районындағы «Төртқара сексен» фермер хожалығының баслығы Марат Арықбаев.-Бул жерге қойылған техникалардың ишинде «New HoIIand TD5. 110» универсал-сүрим тракторы бизлерге мақул келди. Себеби оны пахта ҳәм бийдай егисинде қолланыў мүмкин. Сонлықтан оны алыў бойынша «Өзагролизинг» акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалына буйыртпа бердик.

Елликқала районындағы «Тўпроққалъа алп йигити», Әмиўдәрья районындағы «Нурумматов Худайберген», «Хушнидбек Асадбек», Қоңырат районындағы »Қунарбай». «Қоңыратлы Мухаммед», «Астри», «Үлкен шарлы», «Бахруз», Хожели районындағы «Есжанов Жәнибек», Беруний районындағы «Элдар Юлдашбай» фермер хожалықлары лизинг тийкарында усындай техникалар алыўға буйыртпалар берди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Хорезм ўәлаяты.