Россияда сентябрь айында да GM Uzbekistan’ның бирде-бир автомобили сатылмады. Бул ҳаққында Европа бизнеси Ассоциацияси автомобиль шығарыўшылары шөлкеминиң жаңа есабатында көрсетилген, деп жазбақта UZ24 басылымы.

Өткен жылдың усы айында компания Россияда 1605 дана автомобиль сатқан ҳәм Россия базарында күшли жигирмалыққа кире алған еди, 2018-жылдың дәслепки 5 айында жәми 5184 дана Ravon брендиндеги машиналар сатылған еди.

Ең көп сатылған жаңа жеңил автомашиналар тийкарынан жергиликли ислеп шығарыўшылар өнимлерине туўры келеди.

2018-жыл сентябрь айында автомобиллер саўдасының 6,2 процентке өсиўи бақланған. Lada 31173, KIA 18911, Hyundai 16100 дана автомобиллерин сатыўға ерискен.

Еслетип өтемиз, июнь, июль ҳәм август айларында да Россия автобазарында 4av9n автомобиллери сатылмады.

 

Интернет материаллары тийкарында таярлаған:

Нурлыбек ЖАМАЛОВ