Өзбекстанда электр энергиясы ҳәм газ тарифлериниң көбейиўи ҳаққындағы мәселе додаланбақта. Халықаралық пресс-клубтың гезектеги сессиясында да усы мәселе туўралы сөз болды.

Илаж даўамында «Өзбекнефтгаз» компаниясы басқарма баслығының орынбасары Одил Темиров ҳәзирги ўақытта экономика министрлиги ҳәм финанс министрлиги менен биргеликте газ баҳасын көбейтиў мәселеси додаланып атырғанын айтып өтти.

Темировтың айтыўынша, халық ушын бир куб метр тәбийғый газдың баҳасы 289,7 сумнан 320 сумға шекем (10 процентке көбейиў), кәрханалар ушын 600 сумға шекем жетиўи мүмкин. Бул жағдайда бир кВт-саат электр энергиясының баҳасы халық ушын 228,6 сумнан 250 сумға шекем (9,4 прцентке көбейиў), юридикалық шахсларға 470 сумға шекем көбейиўи мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги