Ҳиндстан илимпазлары соңғы алты жылда дүньяда қанша адам сельфи қурбанына айланғанын анықлады, деп хабарланады Интернет сайтларында.

Сырт ел басылымларынан бириниң мәлимлемеси бойынша 2011-жылдың октябрь айынан 2017-жылдың ноябрь айына шекем дүньяда 259 сельфи сәтсиз әмелге асырылған. Солардан 250 адам қайтыс болған. Олардың ишинде көпшилиги суўға батып кеткен. Гейде ҳәр қыйлы транспорт қураллары менен ямаса бийикликтен қулап өлгенлер де бар. Сельфиге буншелли қызығыўшылар Ҳиндстан, Россия, АҚШ, Пакистанда баршылық.

Ал, сельфи ушын өмир менен хошласқанлардың 85 проценти он жастан отыз жастың аралығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги