Россияда демалысқа баратырған еки қыз бир жигитке таласып, соңында бири қайтыс болды, деп жазады N74.KZ.

Еки дос Алена Попова менен Настя Муженя Қара теңизге дем алысқа барады. Бир неше күннен соң олар еки жигит пенен танысады. Настя Элман деген жигитти унатып, оның менен айланыўға шығып кетеди. Шатырына қайтып киятырғанда Настя Аленадан Элманды қызғанып, урыс шығарады. Шатырдан Аленаның кийимлерин сыртқа ылақтырған. Алена ашыўланып, кийимлерин жыйнап, автостоп пенен Пятигорск қаласына қайтып кетеди. Ертеңине азанда саат 10:00 де Алена үйинде болады.

«Мен кетип баратырғанда Настя телефон менен досты менен сөйлесип атырған еди. Жалғыз қалыўға қорқатуғынын, бирақ мени шақырмайтуғынын айтты, мен де өкпелеп кетип қалдым», – дейди Алена.

Ертеңине полиция Настяның өли денеси табылғанын хабарлайды. Оның денесинде көплеген жарақатлар болған, мойнында бармақ излери табылған.

Экспертлер оның бас сүйегиниң сыныўы өлимине себеп болған, деген шешимге келди.

Аленаға Настяны өлтирди, деген айып қойылмақта. Оның ўақытша қамақ изоляторында отырғанына бир жыл болды.

Настяның өлиминде еки жигиттиң қатнасы бар деген пикирлер де бар. Бирақ, тергеўшилер оларды гүўа сыпатында қарап атыр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги