5-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Корея халықаралық бирге ислесиў шөлкеми – KOICAның  Өзбекстандағы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Институт ректоры Б.Отемуратов халықаралық шөлкемниң волонтёрлар координаторы Ким Хёнжонг, KOICAның  Өзбекстандағы офиси хызметкери Ш.Шукуров, инторнёр Ли Жисон ҳәм волонтёрлар Ким Ёнгран, Ли Бонглим, Ли Цэонгсокларды елимизге сапар етиўи менен қызғын қутлықлады. Институтта билимлендириў сапасының нәтийжелилигин арттырыў, илимий-әмелий байланысларды күшейтиў бойынша еки тәреплеме алып барылып атырған жумысларға унамлы баҳа берди.

Сапардан гөзленген мақсет, шөлкем волонтёрларының институтта алып барып атырған жумыслары менен танысыў ҳәм алдағы ўақытта оқыў және жәмийетлик бағдарларда бирге ислесиўди еле де жетилистириўден ибарат.

Өз гезегинде, халықаралық шөлкемниң волонтёрлар координаторы Ким Хёнжонг жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм бирге ислесиў бағдарындағы әмелий қоллап-қуўатлаўлар ушын институт ректораты ҳәм жәмәәтине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме байланыслар ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша өз ара келисимлер қабылланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.