Республикамызда 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы үлкен көтериңкилик пенен  белгиленди.

Усы мүнәсибет пенен 28-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен өткерилген «Жылдың ең жақсы пән оқытыўшысы» республикалық таңлаўында пайтахтымыздағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң сүўретлеў өнери бөлиминиң оқытыўшысы Әдилбек Шамуратов биринши орынды жеңип алды.

Сондай-ақ, усы мектептиң директоры, Өзбекстан халық билимлендириў ағласы Султан Мухаммеддинов ҳәм мектептиң хореография бөлиминиң оқытыўшысы Ли Ирэна Петровна музыка ҳәм көркем өнер  тараўында қәбилетли жаслардың атқарыўшылық шеберлигин арттырыў ислериндеги жемисли мийнетлери ушын «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.

– Елбасшымыздың тиккелей басламасы менен елимизде көркем өнерге үлкен итибар қаратылмақта.  Кәсиплик байрам алдынан бул таңлаўдағы жетискенликлер күтилмеген қуўанышлы ўақыя болды. Мақтанышлы ҳәм машақатлы   мийнетимди баҳалаған екен, буннан шексиз қуўанышлымыз, – дейди таңлаў жеңимпазы Әдилбек Шамуратов. -Бул билдирилген исеним маған үлкен жуўапкершилик жүклеп, балаларға көркем өнер сырларын жалықпай үйретиўге ийтермелейди.

Мағлыўмат орнында соны да  келтирип өтпекшимиз, таңлаўға Өзбекстан Республикасындағы 312  балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринениң и муғаллимлери 13 бағдар жөнелис бойынша қатнасты.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы