Министрлер Кабинетиниң турмыслық шығындылар менен байланыслы болған жумысларды әмелге асырыў тараўындағы хызметлердиң нәтийжелилигин және де арттырыў илажлары ҳаққындағы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Gazeta.uz хабар бермекте.

Қарар тийкарында, санитариялық жақтан тазалаў инфраструктурасы объектлерин орналастырыў ҳәм олардан пайдаланыў және турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қағыйдалары тастыйықланды.

Оған муўапық, аймақлар, имаратлар ҳәм сооружениелердиң қатты турмыслық шығындылар менен (шиша, резина, қағаз, пластмасса, ағаш шығындылары ҳәм басқа) патасланыўының алдын алыў мақсетинде қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм ўақытша сақлаў ушын арналған арнаўлы шығынды қутылары орнатылады.

Қарарға бола, қатты турмыслық шығындыларды айрықша топлаў ҳәм алып кетиў ушын 4 түрдеги контейнерлер орнатылады:

– қайта исленетуғын қатты турмыслық шығындылар ушын – көк реңли;

– органикалық қатты турмыслық шығындылар (азық-аўқат ҳәм басқа биологиялық ширийтуғын шығындылар) ушын – ақшыл қоңыр реңли;

– қайта исленбейтуғын қатты турмыслық шығындылар ушын – күл реңли;

– қәўипли турмыслық шығындылар ушын – тойғын сары реңли.

Сондай-ақ, усы қарар тийкарында ўақытша саўда дүканлары, соның ишинде, көшпели саўда орынларына (азық-аўқатлық өнимлерди сатыў ҳәм улыўма аўқатланыў тараўында хызметлер көрсетиў палаткалары, дүканларына) тутас аймақларда – 5 метр радиусқа шекемги көтериў механизмли ямаса оларды босатыў ушын алмастырылатуғын шелеклерге ийе болған көшпели шығынды қутыларының орнатылыўы белгиленген.

Хызмет етип турған шығынды топлаў орынларын бузыў жумыслары олардың орнына жаңалары қурылғаннан соң әмелге асырылады.

Сондай-ақ, шығынды топлаў орынлары турақ жай имаратларының айналары, балалар мәкемелери участкаларының шегарасы, дем алыў орынларынан 20 метрден кем болмаған ҳәм 100 метрден узақ болмаған аралыққа орналастырылады.

Аймақлардың терек ҳәм путақларды кесиў және агротехникалық ислеў бериў нәтийжесинде пайда болатуғын шығындылар (терек ҳәм олардың шақалары, кесиў жумыслары қалдықлары, жапырақлар ҳәм басқалар) менен бир суткадан артық патасланыўына жол қойылмайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.