Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  3-октябрь күни электр энергетика тараўындағы жумыслардың жағдайын терең таллаў, тармақты және де раўажландырыў бойынша қосымша илажлар белгилеўге бағышланған мәжилис өткерди.

– Электр энергетикасы экономиканың «моторы» болып, социаллық-экономикалық раўажланыўды, улыўма турмысты бул тараўсыз көз алдымызға келтириўге болмайды, – деди Шавкат Мирзиёев. – Мәмлекетимизде жәми 14 мың мегаватт электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығы бар болып, оның 86 проценти ыссылық электр станцияларының үлесине туўра келеди.

Бирақ, ыссылық электр станциялары қуўатлықларының 84 проценти дерлик ярым әсир бурын иске түсирилген болып, олар да тек ғана 83 процентке ислемекте.

Раўажланған мәмлекетлерде 1 киловатт электр энергиясын ислеп шығарыў ушын 240-260 грамм жанылғы жумсалса, елимиздеги айырым станцияларда 2 есе көп жанылғы жумсалады.

Елимиз экономикасының раўажланыўы нәтийжесинде электр энергиясына болған талап 2030-жылға барып 20 мың мегаваттқа жетеди.

Елимизде электр энергиясы тийкарынан тәбийғый газды жағыў есабынан ислеп шығарылды. Газ ресурслары шекленген бүгинги шараятта 2030-жылға барып оны және де көбирек жумсаў – тикленбейтуғын тәбийғый ресурслардың жүдә үлкен муғдарын зая етиў дегени.

– Атом электр станциясының иске түсирилиўи жанылғы жумсаўды қысқартыў бойынша пүткиллей жаңа шешимлерден бири болады, бирақ бул ушын еле 8-10-жыл керек. Соның ушын жүзеге келген машқалаларды тезирек сапластырыў ҳәм тармақты түп-тийкарынан раўажландырыў, ең әҳмийетлиси, қысқа ўақытта системада сезилерли унамлы өзгерислерге ерисиў зәрүр, – деди Президентимиз.

Мәжилисте 2030-жылға барып қосымша талап етилетуғын 12,5 мың мегаватт қуўатлықларды жаратыў шарасын көриў, соның ишинде, пуў-газ қурылмалары, атом электр станциясы, гидроэлектрстанциялар қурыў ҳәм қолда барларын модернизациялаў, Сырдәрья, Ташкент, Наўайы, Тақыятас ыссылық электр станцияларындағы энергоблокларды жаңалаў, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти электр энергиясы системасына да енгизиў арқалы зәрүр болатуғын қуўатлықларды қаплаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Сондай-ақ, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетине 3,9 мың мегаваттлы пуў-газ ҳәм газ-турбина қурылмалары және Ангрен қаласында ҳәм Сурхандәрья ўәлаятында көмирде ислейтуғын ыссылық электр станциялары, қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў илажларын көриў бйынша тийисли тапсырмалар берилди.

Мәжилисте электр энергиясын ислап шығаратуғын жаңа объектлер қурыўды жеделлестириў бойынша да ўазыйпалар белгилеп алынды.

Усы мүнәсибет пенен келеси жылдан электр энергиясын сатыўдан түсетуғын қаржылардың 15 процентин инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ҳәм кредитлерди қайтарыў ушын қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Финанс министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетине жойбарларды қаржыландырыў дәреклерин анықлаў ўазыйпасы тапсырылды.

– Системада әмелге асырылатуғын модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары бул тараўға мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик секторды тартыўды талап етпекте. Бирақ, нормативлик-ҳуқықый база ҳәмде техникалық инфраструктура буған таяр емес. Мәселен, жеке меншик кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылған электр  энергиясын энергосистемаға қабыл етиў мәселеси елеге шекем шешилмеген. Әпиўайы мысал, Түркияда 60 процент, Қубла Кореяда 20 процент электр энергиясы жеке меншик кәрханалар тәрепинен ислеп шығаралады, – деди Президентимиз.

Экономика министрлиги, Финанс министрлиги, Мәмлекетлик бәсеки комитети  ҳәм «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетине халықаралық экспертлердиң шешимлери тийкарында тараўға жеке меншик секторды тартыў, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизминиң ҳуқықый, институтционал, технологиялық тийкарлары ислеп шығылыўын тәмийинлеў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте 30 жылдан көбирек ўақыттан берли пайдаланып киятырған тармақлардың үлеси 62 процентти қурайтуғыны, бөлистириўши тармақларда линиялардың 57 проценти ҳәм 39,6 мың трансформатор пункти жаңаланыўы зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды.

2017-2021-жылларға мөлшерленген бағдарламаға тийкарланып усы жылы 34 мың километрлик электр жеткерип бериў тармағы ҳәм  7 мың трансформатор пунктинде, 2019-жылы 7 мың километр электр жеткерип бериў тармағы ҳәм 2 мың трансформатор модернизацияланыўы зәрүр.

Өзбекстан Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры, Финанс министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетине бағдарламада белгиленген илажларды турақлы қаржыландырыў дәреклери менен тәмийинлеў бойынша тапсырма берилди.

«Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетине инвестициялық миннетлемелерди орынлаўы ушын оны қаржылық жақтан беккемлеў бойынша илажлар көриў ўазыйпасы жүкленди. Соның ишинде,  «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетине оның 2019-2021-жылларда Тиклениў ҳәм раўажланыў қорына тийкарғы қарызды қайтарыў мүддетин 3 жылға созыў бойынша жеңилликлер бериў мәселеси де көрип шығылды.

Жеткерилген электр энергиясы бойынша қарыздарлықты өндириўдиң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў зәрүрлиги атап өтилди. Мәжбүрий орынлаў бюросы электр энергиясы бойынша қарыздарлықты азайтыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин еле де арттырыўы кереклиги атап өтилди.

Энергия ресурсларының автоматластырылған есабын жүргизиў системасын енгизиў созылып киятырғаны сынға алынды.

Мәселен, бул системаны Бухара, Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларында енгизиў бойынша сырт ел компаниясы менен қол қойылған шәртнаманың баҳасы қайта көрип шығылыўы себепли оны әмелге асырыў тастыйықланған реже-кестеден 15 айға кешикпекте.

«Өзбекэнерго» АЖ, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети Бухара, Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларындағы 1,4 миллион тутыныўшыны автоматластырылған системаға жалғаў жумысларын жеделлестириўи зәрүрлиги атап өтилди.

Басқа аймақларға 2019-2021-жылларда Азия раўажланыў банкиниң кредити есабынан автоматластырылған системаны енгизиў, автоматикалық басқарыў системасының бирден-бир орайын шөлкемлестириў, келеси 3 жылда 5,6 миллион дана заманагөй электр есаплағыш орнатыў ўазыйпасы жүкленди.

Президентимиз қоңсылас мәмлекетлердиң энергия системаларына транзит хызметин көрсетиў, бул ушын олар менен сөйлесиўлерди жолға қойыў, елимиздиң транзит ҳәм экспорт потенциалынан өнимли пайдаланыў бойынша «Жол картасы»н ислеп шығыў жүзесинен тийисли жуўапкерлерге тапсырма берди.

Энергия ислеп шығаратуғын жаңа қуўатлықлар қурыў ушын заманагөй технологиялардан пайдаланыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин кеңнен енгизиў «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетиниң тийкарғы ўазыйпасы болыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте электр энергетика тараўының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў зәрүрлиги атап өтилип, тараўды жедел раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

ӨзА