Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары тәрепинен берилетуғын тастыйықлаўшы ҳүжжетлердиң түрлерин түпкиликли қысқартыў бойынша илажлар ҳаққындағы ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар бермекте.

Қарар тийкарында, 2018-жыл 15-октябрьден баслап мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары тәрепинен берилетуғын төмендеги ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етиледи:

– шахстың жасаў орны бойынша (пропискада екенлиги) жасап атырғанын;

– шахстың жумыссызлығын;

– баланы, жалғыз баслы адамларды, пенсионерлерди ҳәм майыплығы болған адамларды тәрбиялап атырғанын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер;

– шахстың характеристикасы.

Буннан былай мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесинде шахстың жасаў орны бойынша (пропискада екенлиги) жасап атырғанын ҳәм оның жумыссызлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер зәрүр болса, бундай мағлыўматлар мәмлекетлик ҳәм хожалық органлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары тәрепинен тийисли тәртипте Ишки ислер министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги органларынан алынады.

2020-жыл 1-январьдан мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесинде шаңарақ қурамы, туўысқанлық дәрежеси ҳәм пуқараның шаңарақлық жағдайы ҳаққындағы мағлыўматлар мәмлекетлик ҳәм хожалық органлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары тәрепинен ПҲАЖ органларынан ғәрезсиз түрде алынады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.