Лондон ҳәм Нью-Йорктың шийкизат биржаларындағы шийшемби күнги саўда-сатық нәтийжелери бойынша нефтьтиң баҳасы арзанлады, деп хабарлайды «ҚазАқпарат» хабар агентлиги.

Саўда жуўмақлары бойынша, Лондонның  ICE Futures   биржасында декабрь айында жеткерилетуғын Brent маркалы нефтьтиң фьючерслери баррелине 0,34 долларға арзанлап, 84,64 долларды қурады.

Нью-Йорк товар биржасында (NYMEX) WTI маркалы жеңил нефтьтиң ноябрь айындағы фьючерслериниң баррели 0,07 долларға арзанлап, 75,23 доллар болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги