Нөкис қаласындағы жол кесилиспелериндеги бақлаў камералары усы жылдың октябрь айынан баслап иске түседи. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы мәлимлеме хызметине тийкарланып «Устаз жолы» газетасының рәсмий сайты хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, бақлаў камералары 4 жағдайды жазып алады:

– оқ (ақ) сызықты басыў;

– жолдың ортасында турып қалыў;

– қарама-қарсы тәрепке шығып кетиў;

– светофорда қызыл жанғанда өтип кетиў.

Бул дизимге кейин ала қәўипсизлик белбеўин тағыў және басқа да қағыйдалар енгизиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги