Өзбекстанда Facebook социаллық тармағында 4-сентябрь түстен кейинги ўақыт пенен үзилислер басланғаны ҳәм елеге шекем даўам етип атырғаны көпшилик тармақ пайдаланыўшылары тәрепинен билдирилмекте.

Kun.uz сайтының хабар бериўинше, пайдаланыўшылардың тийкарынан серверге жалғаныў менен байланыслы машқалаларға дус келип атырғаны ҳаққында Downdetector сервиси мәлим еткен.

Үзилислер орайларының бири Өзбекстанға туўра келген. Басқалары Япония ҳәм Австралияда бақланған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.