Өзбекстан Республикасында паспорт системасы ҳаққындағы режеге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Президент пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Өзгерислерге муўапық, пуқаралар турақлы дизимге алынбаған болса, алдынғы турақлы дизимге алынған орындағы, прописка менен байланыслы болған мағлыўматлар болмаған жағдайларда өзи турған орындағы мағлыўматларды топлаў пунктине (паспорт столға) мүрәжат етиўи мүмкин.

Пәрман тийкарында жойтып алынған паспорт орнына паспорт бериў тәртиби белгиленди.

Оған муўапық, паспортын жойтып алған пуқара дәрриў турақлы дизимге алынған орындағы мағлыўматларды топлаў пунктине (паспорт стол) хабар бериўи керек.

Ўақытша сырт елде болған пуқаралар паспортларын жойтып алса, паспорт жарамсыз жағдайға келсе ямаса оның әмел етиў мүддети питсе Өзбекстанға қайтыў гүўалығын алыў ушын консуллық ўәкилханасына мүрәжат етеди.

Паспорт ямаса шахсты тастыйықлаўшы басқа ҳүжжетлер жойтып алынғанлығы ҳаққында хызметлер органлары тәрепинен мағлыўматлар бериледи.

Паспорты урланған шахслар, жазаны орынлаў мәкемесинен азат етилген шахслар ҳәм тәбийғый апатшылықлар нәтийжесинде паспортлары жойтып алынғанлығы ҳаққында арза менен мүрәжат еткен шахслар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмайды.

Пуқара паспортын жойтып алғанда паспорт жоғалғаны ҳаққында арза берилген күннен баслап бир ай ишинде оған жаңа паспорт бериледи. Бул мүддет және бир айға узайтылыўы, сондай-ақ, бундай арзаларды көрип шығыў мүддети алты айға шекем созылыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги