Кегейли районында әпиўайы шаңарақта туўылдым. Тараўда мийнет жолымды Тақыятас ГРЭСтиң 1-дәрежели 4-әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлими өрт өшириў экипажының өрт өшириўшиси лаўазымынан баслап, 2011-жыл ноябрь айынан ҚР ИИМ Төрткүл районы ИИБ Ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў топары милиция таяныш пунктиниң профилактика инспекторы, 2014-жыл октябрь айынан Нөкис районы ИИБда профилактика инспекторы, 2017-жыл май айынан Нөкис районы ИИБ Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшесиниң ишки ислер уйымларының таяныш пунктлери профилактика инспекторы лаўазымларында хызмет етип киятырман.

Ҳүрметли Президентимиздиң Пәрманы менен мени Ўатанымыздың жоқары сыйлығына ылайық деп тапқанынан шексиз қуўанышқа бөлендим.  Бул мен ушын күтилмеген саўға болды. Буны жас кадрларға хошамет, деп ойлайман.

Президентимизге миннетдаршылығым шексиз ҳәм ел-журтымның, Ўатанымның тыныш-татыў турмысын тәмийинлеў, жынаятшылықтың алдын алыў сыяқлы жуўапкерли жумысларды атқарыўда бар күш-ғайратымды жумсайман.

Аспанымыз ашық, елимиз тыныш болсын!

Бәршени ең уллы, ең әзиз байрамымыз ғәрезсизлигимиздиң жигирма жети жыллығы менен шын жүректен қутлықлайман.

 

Алпысбай ТУРДЫМУРАТОВ,

Нөкис районы ИИБ Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшесиниң ишки ислер уйымларының таяныш пунктлери профилактика инспекторы,

«Шуҳрат» медалы ийеси

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги