Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасында экономикалық, социаллық, мәдений-ағартыўшылық байланысларды беккемлеў, елимизде ири инвестициялық жойбарларды табыслы әмелге асырыў жумысларына қосқан үлкен үлеси, халқымыздың миллий қәдириятын ҳәм бай тарийхый естеликлерин қайта тиклеў және қәстерлеп сақлаў мақсетинде Өзбекстанда диний-мәдений әҳмийетке ийе болған объектлерди қурыў бағдарындағы белсене қатнасы, Ўатанына жаслар ушын өрнек болатуғын дәрежедеги қызғын мухаббаты ҳәм республикамызда туризм потенциалын ҳәм спорт тараўын раўажландырыўдағы бирге ислесиўи ушын белгили жерлесимиз, Россиялы «USM Holding» акционерлик жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси ҳәм басшысы Усманов Алишер Бурханович «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 29-август