Пайтахтымызда Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен «Ең уллы, ең әзиз» дәстүрлий республикалық таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Бул дөретиўшилик таңлаўдың шөлкемлестириў комитетиниң баслығы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң бас директоры Л.Тангриев ҳәм басқалар Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәденият ҳәм көркем өнер, әдебият, ғалаба хабар қураллары, баспа ҳәм полиграфияның раўажланыўына айрықша итибар қаратыў, бул бағдардағы бар нызамшылықты жетилистириў, тараўдың материаллық-техникалық потенциалын беккемлеў, дөретиўшилердиң машақатлы мийнетин материаллық ҳәм руўхый жақтан хошаметлеў, кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан реформалаў бағдарында мисли көрилмеген әмелий жумыслардың алып барылып атырғанын атап өтти.

Дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўы Өзбекстанымызды, еркинлигимизди, оның қәдир-қымбаты, татлы жемислерин, тыныш ҳәм татыў күнлеримизди сөз ететуғын дөретиўшилик үлгилерин халқымызға танытыўда үлкен әҳмийетке ийе. Быйылғы дөретиўшилик жойбар   «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» деген жақсы идеяны өзинде жәмлегени, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» мәмлекетлик бағдарламасының мазмун-мәнисин кең үгит-нәсиятлаўға қаратылғаны менен әҳмийетли болды.

19.jpg

Таңлаўдың республикалық басқышына 300 ге шамалас дөретиўшиден 2 мыңға шамалас дөретиўшилик жумыс келип түсти.

Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар басқышларында 2 мыңнан аслам дөретиўши белсене қатнасып, 6-августтан 16-августқа шекем аймақларда болып өткен сыйлықлаў мәресимлеринде 200 ге шамалас жазыўшы, шайыр, журналист, художник ҳәм кинодөретиўшилер жеңимпаз ҳәм сыйлықланыўшылар сыпатында жойбар шөлкемлестириўшилери тәрепинен сыйлықланды.

– Бүгин әҳмийетли болып турған көп ғана мәселелер-жаслар тәрбиясы, руўхыйлық, шаңарақлардың беккемлиги, жынаятшылық профилактикасында мәҳәллелердиң орны, тәсири шексиз,-дейди «Мәҳәлле» радиоканалының үлкен редакторы, таңлаў жеңимпазы Тўлқин Ёрқулов. –Оларды терең аналитикалық нәзер менен сәўлелендириў журналисттен жоқары билим, үлкен шеберлик талап етеди. Таңлаў еле де көбирек излениўге, жумысқа үлкен жуўапкершилик пенен қатнас жасаўға ийтермелейди.

Илажда жеңимпазлар менен сыйлықланыўшыларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Концерт бағдарламасы қойып берилди.

Н.УСМОНОВА,

ӨзА ның хабаршысы