Бүгинги күнде физикалық жақтан имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған инсанлардың турмыстан разы болып жасаўы ушын комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Бунда оларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў, бул шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин жүзеге шығарыў ушын барлық күш-имканиятлар жумсалмақта.

Шымбай «Мүриўбет» майыплығы болған шахслар ушын интернат үйи, Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын, руўхыятында сезилерли яки бираз кемшиликлери бар болған 18 жастан баслап 1-ҳәм 2-топар ер адамлар ушын мәмлекетлик медициналық-социаллық мәкемелерден бири саналады.

Елимизде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын материаллық-мораллық қоллап-қуўатлаўда, жәмийетте өз-ара аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик және қайыр-сақаўат орталығын буннан былай да беккемлеўде системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Мүбәрек ҳайыт байрамы күнлеринде Қарақалпақстан Республикасы ИИМ тәрепинен усы «Мүриўбет» үйинде байрам илажы шөлкемлестирилди. Ол жерде жасап атырған инсанларға байрам дастурханы жайылды, олар зәрүр дәри-дәрмақлар ҳәм азық-аўқатлық затлар менен тәмийинленди.

Бундай саўаплы ислер елимиздиң барлық орынларында даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги