Қанлыкөл районы аймағындағы «Бахытлы» халықтың мәдений дем алыў орайында жергиликли бюджет есабынан «Нураныйлар дәргайы» қурылып пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

Бул жерде нураныйлар ушын мыңнан аслам китап фондына ийе болған китапхана, намаз оқыў орны, асхана, медициналық хызмет көрсетиў ханасы ҳәм дем алыў ханалары шөлкемлестирилген.

Сондай-ақ, дәргайда район нураныйлары компьютерден пайдаланыў ҳәм Интернет тармақларында мағлыўмат алмасыў бойынша бийпул оқытылады.

Дәргайдың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы  Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Нураныйларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Ш.Уснатдиновлар қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги