Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен өткен ҳәптеде қабыл етилген «Муғаллимлер ҳәм оқытыўшылардың социаллық статусын арттырыў» ҳәм «Жаңа мектеп формасы менен тәмийинлеў»ге бағдарланған жаңа нормативлик ҳүжжетлердиң әмелде қолланылыўы бойынша әҳмийетли хабарларды мәлим етти.

 

Усы темада болып өткен баспасөз конференциясында Халық билимлендириў министрлигиниң басқарма баслығы Акбар Тагаев төмендегилерди мәлим етти:

 

– егер усы жылға мектеп формасы алып қойылған болса, жаңа форма алыў шәрт емес, сол форманы кийип мектепке келиўге рухсат бериледи;

 

– монополияға жол қойылмайды, яғный мектеп формасын кимнен алыўдың әҳмийети жоқ, белгиленген стандартқа сәйкес болса болғаны (мектеп формасын өзлери тиктирсе де болады);

 

Сондай-ақ, мектеп формасы бойынша усыныслар ушын биймәлел мүрәжат етиў мүмкин, яғный мектеп формасы усы формада қалып кетпейди, үш жылға шекем пикир-усыныслар үйренилип, тийисли өзгерислер киргизилиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.