Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен өткен ҳәптеде қабыл етилген «Муғаллимлер ҳәм оқытыўшылардың социаллық статусын арттырыў» ҳәм «Жаңа мектеп формасы менен тәмийинлеў»ге бағдарланған жаңа нормативлик ҳүжжетлердиң әмелде қолланылыўы бойынша әҳмийетли хабарларды мәлим етти.

 

Усы темада болып өткен баспасөз конференциясында Халық билимлендириў министрлигиниң басқарма баслығы Акбар Тагаев төмендегилерди мәлим етти:

 

– турақ жай кредити бойынша арнаўлы тәртип ислеп шығылып тастыйықланады, онда турақ жайлар қандай шәртлер бойынша бөлистирилиўи сыяқлы мәселелер қамтып алынады;

 

– автокредит ҳәмме муғаллимлерге берилмейди, Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен автокредит ажыратыў усыныс етилетуғын педагог хызметкерлердиң дизими қәлиплестириледи, бунда жумыс стажы, табыслары ҳәм басқа усы сыяқлы өлшемлерге дыққат қаратылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.