Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы мүнәсибети менен Төрткүл районында «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» ураны астында байрамға саўға сыпатында жаңадан қурылған имаратлар ҳәм қайта реконструкцияланған объектлер пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар бермекте.

Атап айтқанда, «Шорахан» АПЖ аймағындағы аўыллық шыпакерлик пункти, районлық 17-санлы улыўма орта билим бериў мектеби, «Машъал» МПЖ аймағындағы мини маркет, «Ақ қамыс» АПЖ аймағындағы саўда комплекси, «Уллы бағ» АПЖ аймағындағы аўыллық шаңарақлық поликлиникасының ашылыўы байрамға мүнәсип саўға болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги