Жәмийетшилик коррупция ҳаққында хабар бериўге қай дәрежеде таяр екенин баҳалаўға қаратылған изертлеў өткерилди. Изертлеў нәтийжелерине бола, жәмийетшилик көбинесе коррупцияны парахорлық ҳәм ағайын-туўысқанлық деп түсинеди.
50 проценттен артық респондентке бола, коррупция – бул лаўазымды өз мәпине пайдаланыў ҳәм ағайин-туўысқанлық, 40 проценттен азырағы ушын болса баҳалы саўғалар бериў болып есапланады.
Айырым адамлар саўға бериўди коррупция емес, ал миннетдаршылық деп биледи.
Пара алыў (88,4 процент) ҳәм пара бериў (68,4 процент) көпшилик тәрепинен қараланады, бирақ жақсы хызмет ушын кишкене саўғалар әдеттегидей қабыл етиледи.
Респондентлердиң 74 проценти коррупция жағдайлары ҳаққында хабар бериўге, соның ишинде, 82,2 проценти платформа ямаса мобиль қосымша арқалы хабар бериўге таяр.
12 процент респондент коррупция ҳаққында хабар бериўди унамсыз жағдай, деп есаплайды.
Хабар бермеўдиң тийкарғы себеплери сыпатында коррупциядан өзлериниң мәпдарлығы (19,8 процент) ҳәм кимге мүрәжат етиўди билмеў (20,4 процент) дизимге алынған.
Соралғанлардың ярымы хабар бериў ақыбетлеринен қорқады, 13,8 проценти болса миннетдаршылық белгиси сыпатында өзи қәлеп пул беретуғынын атап өткен.
Респондентлерге бола, «Сүйинши», «рахмет», «тойға саўға» сыяқлылар да тек ғана миннетдаршылық, ҳүрмет ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын ықтыярлы түрде әмелге асырылады.
64 процент респондент коррупцияға қарсы гүресиўши уйымларға исенеди.
Бул изертлеў Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм Корея Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў комиссиясы, БМШ Сеул сиясат орайы ҳәм Европа аўқамы менен биргеликте өткерилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА