Саудия Арабстанында дәстүрий газленген ишимликлерге жаңа альтернатив – қурамында қумшекер болмаған «Milaf Cola» усыныс етилди. Бул өним мәмлекетте раўажланып атырған азық-аўқат санаатын   қоллап-қуўатлаў, жергиликли ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер түрин кеңейтиўге мөлшерленген.

«AзерТAЖ» хабарына бола, Ар-Риядтағы қурма фестивалында «Milaf Cola» ның рәсмий презентациясы болып өтти. Ишимлик Саудия жеке меншик инвестиция фондының сектор кәрханасы «Thurath Al madina» тәрепинен усыныс етилген. Компания ўәкилиниң атап өтиўинше, «Milaf Cola» да ишки ҳәм халықаралық  базарларда қурма өнимлерин диверсификациялаў стратегиясының бир бөлеги  болады.

Саудия Арабстаны Қоршаған орталық, суў ҳәм аўыл хожалығы министрлиги мәмлекетте қурма ислеп шығарыў жылына 1,6 миллион тоннадан артқанын айтпақта. Бул өсиў 165 мың гектарды ийелеген жер майданларының кеңейиўи  менен байланыслы.

ӨзА