Быйылғы жылдың 10-декабрь күни БМШтың Нью-Йорктағы бас резиденциясында қураллы келиспеўшиликли аймақлардан қайтарылған шахсларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў мәселелери бойынша Регионаллық экспертлер кеңесиниң жумысына бағышланған жоқары дәрежедеги брифинг шөлкемлестирилди.

Илаж СМТИ ҳәм Өзбекстанның БМШтағы Турақлы ўәкилханасы тәрепинен БМШ Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы ҳәм БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы жәрдеминде өткерилди.

Брифингте БМШ Бас хаткериниң орынбасары Владимир Воронков, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша Регионаллық орайының басшысы Каҳа Имнадзе, БМШ Бас хаткериниң жәрдемшиси Халед Хиари, БМШ Контртеррор орайының директоры Сауро Миедико, БМШтың терроризм бойынша бурынғы арнаўлы баянатшысы, Миннесота университети (АҚШ) профессоры Фионнуала Ни Аолаин, БМШ жанындағы Халықаралық Қызыл Ярым ай Комитетиниң (ХҚЯК) турақлы бақлаўшысы Летиция Куртуа, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлери дипломатиялық миссияларының басшылары шығып сөйледи.

Илаж БМШқа ағза мәмлекетлер ўәкиллеринде үлкен қызығыўшылық оятты. Брифингте Азия, Африка, Европа, Арқа ҳәм Латын Америкасының 50 ден артық мәмлекети, сондай-ақ, 10 ға шамалас шөлкем ўәкиллери қатнасты.

Реабилитация ҳәм реинтеграция мәселелери бойынша регионаллық эксперт кеңеси 2024-жылы Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен БМШ Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының қәўендерлигинде шөлкемлестирилген. Кеңес Орайлық Азияның барлық мәмлекетлериниң экспертлери ҳәм қәнигелерин бирлестирди. Оның платформасында реинтеграцияланған шахслардың нормал ҳәм толық өмирге табыслы интеграцияласыўын тәмийинлейтуғын билимлер, усыллар ҳәм бағдарламалар жәмленген.

Өзбекстан бириншилерден болып өз пуқараларын қураллы келиспеўшиликли аймақлардан репатриациялады.

2019-жылдан берли 530 дан артық Өзбекстан пуқаралары, тийкарынан ҳаял-қызлар ҳәм балалар Ўатанға қайтарылды.Оларға медициналық, социаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетилди. Сондай-ақ, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм жумысқа жайластырыў бойынша бағдарламалар ислеп шығылды.

Додалаўлар даўамында БМШ Бас хаткериниң Жақын Шығыс ҳәм Азия-Тыныш океаны регионы бойынша жәрдемшиси Халед Хиари Өзбекстан Республикасы Президентиниң регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўге қосқан үлеси ҳәм усы мәселеде алып барылып атырған сиясатының исенимлилиги ушын миннетдаршылық билдирди. Соның менен бирге Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген Регионаллық экспертлер кеңеси айрықша атап өтилди.

Кеңестиң әҳмийети ҳаққында сөз етилер екен, БМШ Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының басшысы Владимир Воронков «Шөлкем ТҚГБ СМТИ менен биргеликте Регионаллық экспертлер кеңеси секретарияты ўазыйпасын атқарып атырғанынан қуўанышлы», – деп атап өтти.

Оның сөзлерине бола, бүгинги додалаўлар Регионаллық экспертлер кеңеси халықаралық ис-ҳәрекетлерди бағдарлаў орайы болып, қайтарылып атырған шахсларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў тараўындағы алдынғы әмелият ҳәм усылларға үлги бола алатуғынын тастыйықлайды.

Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша Регионаллық орай басшысы Каҳа Имнадзениң атап өткениндей, Орайлық Азия мәмлекетлери тәжирийбеси басқа мәмлекетлер ушын үлги бола алады. «Регионаллық экспертлер кеңсеи дүньяның басқа бөлимлеринде да тәкирарланыўы мүмкин болған бийтәкирар баслама болып табылады. Мен Орайлық Азиядағы бирге ислесиўшилеримизди, БМШ ҳәм регионаллық шөлкемлерди ең жақсы шешимлерди табыў ушын усы платформадан пайдаланыўды даўам етиўге шақыраман», – деп қосымша етти ол.

Россия ҳәм АҚШтың БМШтағы елшилери де Кеңес жумысын толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди. Орайлық Азия мәмлекетлери өз пуқараларын келиспеўшиликли аймақлардан қайтарыў бойынша сезилерли ис-ҳәрекетлерди әмелге асырғаны сиясий ерк-ықрар ҳәм өз мойнына алған миннетлемелерге садықлық үлгиси екенлиги атап өтилди.

Додалаўлар жуўмағында қатнасыўшылар Регионаллық экспертлер кеңеси жумысы менен дүнья жәмийетшилигин таныстырыў әмелиятын даўам етиў зәрүрлигин аўызбиршилик пенен атап өтти. Усы тийкарда, БМШтың тийкарғы илажларынан бири – 2025-жылы июнь айында Нью-Йорк қаласында өткерилиўи режелестирилген Терроризмге қарсы гүресиў бойынша жоқары дәрежедеги ҳәптелик шеңберинде өз алдына сайд ивент өткериў атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги