Аўыл хожалығы министрлиги жуўапкерлери Африка мәмлекетлеринде жоқары қосымша қунға ийе интеграцияласқан санаат объектлерин жойбарлаў, қаржыландырыў, қурыў ҳәм қолланыўға қәнигелескен “Arise IIP” компаниясының бас директоры Анимеш Ахаскар менен ушырасты.

Сөйлесиў даўамында бул компания менен биргеликте мәмлекетимиздиң аграр тармағында әмелге асырыў мүмкин болған бағдарлар, биргеликте жолға қойылатуғын жойбарлардың перспективалары ҳаққында пикир алысылды.

Дәслеп, мәмлекетимизде жетистирилетуғын аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми, қосымша қун шынжырын жаратыў мақсетинде оларды қайта ислеў ушын имканиятлар ҳәм фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң жумысы, сондай-ақ, мәмлекетимизде инвесторлар ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Буннан соң Анимеш Ахаскар мырза компания жумысы ҳаққында сөз етип, Африка мәмлекетлери, атап айтқанда, Саудия Арабстаны ҳәм оған қоңсы мәмлекетлерде әмелге асырған ири жойбарларына тоқтап өтип, Өзбекстан менен де биргеликте бундай жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, компания соңғы жыллары Африка мәмлекетлеринде санаат кемшиликлерин анықлаў, жетистирилген жергиликли шийки затты қайта ислеў, экспорт көлемин арттырыў ҳәм саўданы және де қолайластырыў ушын бейимлесиўшең шешимлерди ислеп шығыў бойынша көпшиликке танылған.

Ушырасыў соңында тәреплер өз-ара биргеликте әмелге асырыў мүмкин болған перспективалы жойбарлар пакетин ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў бойынша жумыс алып барыўға келисти.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА